Усы жыл 15июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрда «Сени жырлаймыз, заманлас!» Өзбекстан театрларының V республикалық фестивалы жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Э.Дурдиев, Өзбекстан Республикасы Мәденият министриниң биринши орынбасары, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының халық артисти А.Назарбеков шығып сөйлеп, фестивальдың шөлкемлестириўшилерине, төрешилер қурамына, белсене қатнасқан елимиздиң театр жәмәәәтлерине, соның менен бирге жыллы-жүзлилик пенен күтип алған республикамыздың миймандос халқына миннетдаршылық билдирди. Ҳақыйқатында да. бес күн даўамында халқымыз ҳақыйқый көркем өнер байрамының гүўасы болды.

Фестиваль шеңберинде елимиздиң театрлары республикамыздың Мойнақ, Қанлыкөл, Тахтакөпир, Шоманай, Шымбай, Әмиўдәрья, Елликқала районларында болып, өзлериниң спектакльлерин қойып берди. Район турғынлары менен ушырасты. Сондай-ақ, Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалының студент-жаслары менен дөретиўшилик ушырасыў, шемби күни И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Сахнада заман қаҳарманының образы» темасындағы драматурглердиң семинары өткерилди.

Солай етип, фестивальдың жеңимпазлары жәрияланды. Биринши орын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының Өзбекстан Қаҳарманы Алланияз Өтениязовтың өмирине бағышланған, К.Кәримовтың «Сақаўат бағы» спектаклине берилди. Екинши орынды Өзбекстан мәмлекетлик драма театрының «Жер бәрибир айлана береди» спектакли, үшинши орынды Өзбекстан мәмлекетлик академиялық рус драма театрының «Одинокая лодка» («Жалғыз қайық»), Сырдәрья ўәлаяты музыкалы драма театрының «Инсанлыққа талабан» спектакльлери ийеледи.

Сондай-ақ, бир қатар номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды.

-Мениң атқарған «Хушвақт» спектаклиндеги Мамасулыў образын «Ең жақсы ҳаял образы» номинациясына ылайық деп тапқанынан қуўанышлыман,-дейди Қашқадәрья ўәлаяты музыкалы драма театрының актрисаси Сожида Ашурова.-Илаж шеңбериндеги ҳәр бир күн әжайып ўақыяларға, умытылмас мәўритлерге бай болды. Жоқары дәрежеде өткен фестивальдың шөлкемлестириўшилерине, миймандос Қарақалпақстан халқына миннетдаршылық билдиремен. Келешекте буннан да жақсы образлар дөретип, маған билдирилген исенимди ақлаўға ҳәрекет  етемен.

Илаж соңында жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Фестиваль көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.