Айырым сайтларда ҳәм социаллық тармақларда автотранспорт қуралынан пайдаланыўда жақын туўысқанлар ушын исеним хатын алыў системасының бийкар етилгени ҳаққындағы хабарлар тарқалып атырған еди. Нызамшылық машқалалары институты буған мүнәсибет билдирди.
«Mening fikrim» веб-порталында «Автотранспорт қуралынан пайдаланыўда жақын туўысқанлар ушын исеним хатын алыў системасын бийкарлаў ҳаққында»ғы № 1620- s-p/18-санлы электрон жәмийетлик мүрәжат 2019-жыл 2-январь күни жетерли даўыс топлады.
Мүрәжат Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен тийисли тәртипте көрип шығылды ҳәм «Mening fikrim» веб-порталы арқалы «Автотранспорт қуралынан пайдаланыўда жақын туўысқанлар ушын исеним хат алыў системасын бийкарлаў ҳаққында»ғы қарар қабыл етилди.
Бул қарар автотранспорт қуралынан пайдаланыўда жақын туўысқанлар ушын исеним хатын алыў тәртибин бийкар етиў мәселесин «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының 48-бәнтиниң орынланыўы шеңберинде көрип шығыўды нәзерде тутады.
Ҳәзирги ўақытта усы қарар айырым сайтлар (repost.uz ҳәм басқалар) ҳәм социаллық тармақлардағы бет-каналлар тәрепинен надурыс, автотранспорт қуралынан пайдаланыўда жақын туўысқанлар ушын исеним хатын алыў системасы бийкар етилгени ҳаққында тийкарсыз хабар тарқатылмақта.
Жоқарыдағылардан келип шығып, ҳәзирги ўақытта автотранспорт қуралынан пайдаланыўда жақын туўысқанлар ушын исеним хатын алыў системасы әмелде екенлиги ҳәм бийкар етилмегенлигин мәлим етемиз, делинеди хабарда.
ӨзА