Усы жыл 12июнь күни «Сени жырлаймыз, заманлас!» Өзбекстан театрларының V республикалық фестивалына қатнасыў ушын Өзбекстан мәмлекетлик академиялық рус драма театры жәмәәти республикамызға келди.

Нөкис темир жол вокзалында мийманлар салтанатлы жағдайда күтип алынды.

-Фестивальға жәмәәтимиз драматург Эркин Аъзамның «Жалғыз қайық» спектаклин таярлап келди,-дейди театр директоры Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Олег Анатолъевич Васильев. -Арал машқаласына бағышланған бул спектакльди рус тилинде биринши мәрте Қарақалпақстан сахнасында көрсетемиз. Тийкарғы рольлерди Өзбекстан Республикасы халық артисти Афзал Рафиков ҳәм бир қатар талантлы жас актёрлар атқарады.

Автор бул шығармасында Арал ата образы арқалы Ўатанға мухаббатты, қурыған Аралды болса кеўиллердиң көтерилиўи, ертеңги күнге болған үмит ушқынлары менен толтырыўға умтылады. Қурып-кеўип қалған, пүткиллей шөлистанға айланған, бирақ, киндик қаны тамған жерди усындай аянышлы аўҳалда да таслап кете алмайды. Ашынарлысы, перзентлери оны түсинбейди ҳәм түсиниўди де қәлемейди. Солай да болса, шәкиртлери атаға ҳүрмет, мийрим-шәпәәтлик көрсетип, устазынан қалған жалғыз қайығын басқарыўды даўам етеди.

Спектакль 14-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында тамашагөйлердиң нәзерине усынылады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.