USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 24 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

АЙМАҚЛАРДА САНААТТЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ҲӘМ ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ БЕЛСЕНДИЛИКТИ АРТТЫРЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 7-июнь күни аймақларда санааты раўажландырыў, тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириўди жеделлестириў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятларға сапар етиўлери ўақтында бир қатар кәрханалар иске қосылған, және көбисиниң презентациялары өткерилген еди. Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта Бас министрдиң орынбасары басшылығындағы жумысшы топар дүзилип, санаатқа байланыслы артта қалып атырған аймақлар бойынша қосымша санаат жойбарлары ислеп шығылмақта. Бул жойбарларды инфраструктуралық қуўатлылықлар бар объектлер ҳәм майданларға жайластырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Мәжилисте бул бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар Әндижан ўәлаяты мысалында талланды.

Бул ўәлаятта санаат диверсификацияланбағаны, өндирис тек ғана еки тармақ – автомобиль қурылысы ҳәм тоқымашылыққа байланып қалғаны атап өтилди. Аймақлық санаатта бәнт болғанлардың дерлик 60 проценти, өндирис көлеминиң 83 проценти усы тармақлардың үлесине туўра келеди. Бўз, Булоқбоши, Избоскан, Қўрғонтепа, Марҳамат, Пахтаобод, Жалақудуқ, Балиқчи, Улуғнор районларында санаат жақсы раўажланбаған.

Халық тығыз жасайтуғын, ҳәр бир қарыс жер алтынға тең болған ўәлаятта 98 мәмлекетлик объектте зәрүр инфраструктураға ийе 90 гектар майдан ҳәм 163 мың квадрат метр имарат бос турыпты.

Президентимиздиң бундай имарат ҳәм жерлерден нәтийжели пайдаланып, көбирек жумыс орнын жарататуғын кәрханаларды шөлкемлестириў, районларда санаатты диверсификациялаўға байланыслы тапсырмасына муўапық, Әндижан ўәлаятында 2022-жылға шекем әмелге асырылатуғын 236 жаңа жойбар ислеп шығылды. Оларды, алдынғы жойбарлар менен қосып есаплағанда, жақын үш жылда дерлик 41 мың турақлы жумыс орнын шөлкемлестириў ҳәм 1 миллиард 87 миллион доллар тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў имканиятын береди. Ўәлаяттың санааты диверсификацияланып, өндирис көлеми қурылыс материаллары тармағында 4 есеге, электротехника, былғары аяқ-кийим ҳәм химия тараўларында 2,1 есеге, азық-аўқат санаатында 3 есеге көбейеди. Районлар көлеминде олардың санаат потенциалы бираз артып, өз-ара айырмашылық азайады.

Мәжилисте ҳәр бир жойбар бойынша әмелге асырылатуғын илажлар ҳәм мүддетлерди анық белгилеген ҳалда, тармақ кестелерин ислеп шығыў, бос турған мәмлекетлик объектлерде тийкарғы түрде санаат жойбарларын жайластырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Әндижан ўәлаяты электр энергиясы бойынша үлкен резервке ийе екенлигин есапқа алған ҳалда, қуўатлылықларды дурыс бөлистирип, жаңа жойбарларға жеткерип бериў зәрүрлиги атап өтилди. Санаат жойбарларын анық финанслық дәреклер менен тәмийинлеў, оларға коммерциялық банклер тәрепинен сырт ел кредит линияларын тартыў бойынша усыныслар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Ферғана ойпатында санаат ҳәм исбилерменликти раўажландырыў ушын инвестициялық фонд дүзилиўин атап өтти. Бул фонд процентли кредитлер ажыратпайды, ал жойбарда өз қаржылары менен бизнес шерик сыпатында қатнасады. Халық ушын мүнәсип жумыс орнын жарататуғын, экспортқа жарамлы өним ислеп шығаратуғын жойбарларға айрықша итибар қаратылады. Дәслепки есап-санақларға бола, бул ҳәрекетлер Әндижан, Ферғана ҳәм Наманган ўәлаяларының ҳәр биринде 10 мың жаңа жумыс орнын жаратыў имканиятын береди.

Сондай-ақ, киши бизнес жойбарлары ушын гиреўсиз микрокредит системасын раўажландырыў мақсетке муўапықлығы атап өтилди. Сол себепли жуўапкерлерге халықаралық тәжирийбе тийкарында микроқаржыландырыў хызметин раўажландырыў, бул бойынша шеклеўлерди жумсартыў бойынша

көрсетпелер берилди.

Видеоселектор мәжилисинде бос турған ямаса нәтийжели пайдаланылмай атырған мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес объектлердиң есабын жүргизиў, олардың қурамында кәрханалар шөлкемлестирип, жумыс орынларын жаратыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Бос турған имарат ҳәм объектлерди иске түсириў бойынша көплеген ўәкилликлер берилгенине қарамастан, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм салық уйымлары бул бойынша сезилерли өзгерислер ислемегени сын көзқарастан баҳаланды. Ислемей турған объектлер аймағында барлық инфраструктураға ийе 22 мың гектар майдан бар екенлиги атап өтилди. Негизинде, олар санаатты раўажландырыў, жумыс орынларын шөлкемлестириў ушын таяр орын.

Мәжилисте усы мәселе бойынша министрликлер ҳәм ҳәкимликлер алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында Министрлер Кабинетиниң усыныслары тыңланды.

Тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў, өзлестириў ҳәм жойбарларды мүддетинде иске қосыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы тармақ ҳәм аймақлар кесиминде додаланды.

Усы жылдың бес айы даўамында аймақлық жойбарлар шеңберинде 1,6 миллиард доллар, тармақ жойбарлары шеңберинде дерлик 1 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициялары өзлестирилгени атап өтилди. Бирақ бул белгиленген мөлшерден аз, айырым ўәлаятларда өзлестириў жыллық жобаның 35 процентине де жетпеген.

Атап айтқанда, Әндижан ўәлаятында тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм өзлестириў бойынша жумыслар қанаатландырарсыз болғаны себепли, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң орынбасарлары ўәлаяттағы санаат тармақларына жуўапкер етип бириктирилди. Олар тармақ бирлеспелерин тартыў, бос турған объект ҳәм майданлардың қурамында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў  бойынша сырт ел инвесторлары ушын усыныслар ислеп шығады. Бул усыныслар елшилер менен биргеликте сырт елде инвесторларға көрсетиледи.

Жуўапкерлерге усы жаңа системаны басқа да аймақларда енгизиў, орынларға шығып, сырт ел инвесторларының қатнасыўындағы жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте жергиликли ҳәкимликлер басшыларының сырт елге хызмет сапарлары ўақтында ерисилген келисимлердиң орынланыўына да тоқтап өтилди. Көпшилик келисимлер шеңберинде инвестицияларды өзлестириў басланған болса-да. айырымлары ҳәзирше қағазда қалып кетип атырғаны сынға алынды.

Есап палатасы ҳәм тийисли министрликлерге усы келисимлерди таллап, перспективалы жойбарлар шеңберинде инвестицияларды өзлестириўди жеделлестириў ўазыйпасы қойылды. Аймақларда санаатты раўажландырыў, инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм жайластырыўға жергиликли ҳәкимликлер менен жуўапкер министрликлер бирдей жуўапкер екени атап өтилди.

Додаланған мәселелер бойынша тармақ ҳәм аймақлардың басшылары есап берди.

1.jpg

ӨзА