Өзбекстан Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директорының орынбасары Саида Мирзиёева социаллық тармақлардағы бетинде Президентимиздиң Бес басламасын турмысқа нәтийжели енгизиў мәселеси сырт елли экспертлер менен додаланғанлығын билдирди.
«Жойбардың стратегиялық бағдарлары, сырт ел тәжирийбеси ҳәм оннан пайдаланыў бойынша пикир алыстық,-деп жазады С.Мирзиёева. – Есиңизде болса, Бес басламаны, ең дәслеп, мектеплерден баслаў билдирилген еди. Өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде айырым орынларда шараяттың аўыр екенлигин, көплеген мектеплер қайта оңлаў жағдайына келип турғанын, оқыў сабақлықлардың жетиспеўшилигин, китаплардың сапасы жүдә төмен екенлигин, айырым мектеплерде үш сменада оқып атырғанларын көрдик.
Усы жылдан баслап мәжбүрий бирден-бир мектеп формасы енгизилиўи режелестирилген. Бирақ кемшиликлерди сапластырмай турып, мәжбүрий форма талап етилиўине еле ерте деп ойлаймыз.
Қысқа етип айтқанда, дәслеп шараят, кейин талап. Әлбетте, бул аңсат жумыс емес».
С.Мирзиёеваның айтыўынша, изден шыққан билимлендириў системасын дүзетиў оғада үлкен қаржы, бир неше жыл ўақыт ҳәм илимий қатнас жасаўды талап етеди. Бул жолда қәтелер де болыўы мүмкин, себеби бул – процесс. Бирақ ҳәзир усы жумысларды басламасақ, ертең мәселе және де қыйынласады.
Бул жолда ҳәммени бир болып ҳәрекет етиўге шақырған Саида Мирзиёева жуўапкер министрликлер ҳәм мәкемелердиң қәнигелери тәрепинен жоқарыдағы мәселелер бойынша Ҳүкиметке тийисли усыныслар киргизилгенин билдирди.
ӨзА