Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде депутатлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен усынылған Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2019-жылдың биринши шерегиндеги орынланыўы ҳаққындағы есапты көрип шықты.
Усынылған есап палатаның Бюджет ҳәм экономикалық реформалар комитетинде, сиясий партиялар фракциясы ҳәм Экоҳәрекет депутатлық топары, парламент комитетлериниң мәжилислеринде дәслепки тәризде көрип шығылған еди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен усынылған Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2019-жылдың биринши шерегиндеги орынланыўы бойынша есапты Өзбекстан Республикасы қаржы министриниң орынбасары Ёрқин Турсунов усынды.
Мәжилисте атап өтилгениндей, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў, жәмийеттиң социаллық-экономикалық тараўларын түп-тийкарынан раўажландырыў бойынша алып барылған реформалардың орынланыўы 2019-жылдың биринши шереги даўамында экономиканың турақлы, тең салмақлы ҳалда раўажланыўын ҳәм экономикалық өсиўдиң жоқары пәтлерин тәмийинледи.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2019-жылдың биринши шерегиндеги орынланыўы ҳаққындағы есапты көрип шығыў даўамында депутатлар Мәмлекетлик бюджет дәраматларының қәлиплесиўи ҳәм қәрежетлериниң жумсалыўы жағдайын таллады. Оған бола, усы жылдың 1-шерегинде Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 23 триллион 65,9 миллиард сумды қурады ҳәм өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 62,9 процентке өсти және белгиленген 21 триллион 123,6 миллиард сум жоба 1 942,3 миллиард сумға артығы менен ямаса 109,2 процентке орынланған. Өз гезегинде, Мәмлекетлик бюджет дәраматларының Жалпы ишки өнимдеги үлеси 25,3 процентти қураған.
Есап бериў дәўиринде қәрежетлердиң социаллық бағдарланғаны сақлап қалынды. Мәмлекетлик бюджеттиң барлық дәрежесинде тең салмақлылықты тәмийинлеў, санаат ҳәм хызметлер көрсетиў тараўын жедел раўажландырыў есабынан жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасын беккемлеў, бюджетлераралық қатнасықларды жетилистириў, Президент ҳәм Ҳүкимет тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды орынлаў Мәмлекетлик бюджетти орынлаўдың тийкарғы бағдарлары болды.
Соның менен бирге, 2019-жылдың 1-шереги мәмлекетимиздиң сиясий ҳәм экономикалық турмысында және бир рет әҳмийетли ўақыя менен есте қалғанын атап өтиў керек. Усы жылдың 13-февраль күни Өзбекстан өз тарийхында биринши рет 5 жыллық 500 миллион долларлық евробондларды 4,75 проценттен, 10 жыллық 500 миллион долларлық евробондларды болса 5,375 проценттен Европа базарына жайластырды. Бул болса мәмлекетимизге көплеген экономикалық имканиятлар есигин ашып береди.
Депутатлар Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң усы жылдың биринши шерегиндеги орынланыўы жуўмақларын додалап, соңғы ўақытларда елимизде социаллық қорғаўға, атап айтқанда, мийнетке ҳақы төлеў ҳәм пенсияларды тайынлаў системасын жетилистириў мәселелерине үлкен итибар қаратылып атырғанын атап өтти.
Атап айтқанда, усы жыл 21-май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мийнетке ҳақы төлеў, пенсиялар ҳәм басқа да төлемлердиң муғдарларын анықлаў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Бурын хызметкерлерге ҳақы төлеў муғдарларын анықлаў бойынша жүдә көп сораўлар туўылып, машқалалар жүзеге келетуғын еди. Мәмлекетимиз басшысының бул пәрманы менен тәртип-қағыйдалардың жетилистирилиўи мүнәсибети менен бул бойынша мәселелер де өз шешимин табатуғын болды.
Депутатлар парламент ағзалары тәрепинен орынлардағы ҳақыйқый жағдайды үйрениў ҳәм қадағалаў-таллаў жумысын әмелге асырыў процеслеринде Мәмлекетлик бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў, аймақларда социаллық инфраструктураны раўажландырыў бойынша еле шешимин күтип атырған мәселелер бар екенлигине де итибар қаратты. Соның менен бирге, аймақлардың ресурс потенциалын толық әмелге асырыў, бюджет қаржыларынан буннан былай да нәтийжели пайдаланыўын тәмийинлеў, жергиликли бюджетлердиң дәраматын арттырыў бойынша орынларда бар имканиятлар менен резервлерди толық жумсаўға айрықша итибар қаратыў керек екенлиги атап өтилди.
Додалаўлар даўамында депутатлар жергиликли мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахсларының атқарыў тәртибин арттырыў, Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң келешектеги дәўир ушын өз ўақтында, сапалы орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды күшейтиў, бул ушын халық депутатлары тийисли Кеңеслери менен бирге ислесиў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп алыў зәрүрлигин атап өтти.
Мәжилистиң жуўмақларына бола, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мақсетли қорлар бюджетлериниң 2019-жылдың биринши шерегиндеги орынланыўы ҳаққындағы есабы бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының
Баспасөз хызмети