29-май күни түнде Өзбекстан аймағында 4,7 магнитудалы жер силкиниўи жүз берди. Бул ҳаққында «Дарё» хабар берди.
Жер силкиниўиниң эпицентри 2 км тереңликте жайласқан болып, оған ең жақын қала 37 километр қашықлықтағы 11 мың халыққа ийе Газли қаласы болған.
Келтирилген зыянлар ҳәм жәбирленгенлер ҳаққында мағлыўматлар келтирилмеген.
Еслетип өтемиз, 1976-жылдың 8-апрель және 17-май сәнелеринде, сондай-ақ, 1984-жылдың 20-мартында Газлиде күшли жер силкиниўи жүз берген болып, қалаға көп муғдарда зыян жеткен.
8 жыл ишинде 7 магнитудадан жоқары болған үш мәрте жер силкиниўи дүнья сейсмологиясы тәжирийбесинде сийрек ушырасады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.