Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 18-май «Халықаралық музейлер күни» байрамы мүнәсибети менен пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Халықлар дослығы» атамасында фестиваль өткерилди.
Илажға музей жәмәәти, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент-жаслары ҳәм түрли миллетлердиң мәдений орайларынан ўәкиллери қатнасты.
Байрам илажы музейдиң «Орайлық Азия халықлары мәденияты» атамасындағы көргизбениң ашылыўы менен басланады.
Көргизбениң ашылыў мәресиминде музей директорының орынбасары Б.Серекеев, музей хызметкерлери А.Пирназарова ҳәм А.Юсуповалар сөзге шығып,жыйналғанларды байрам менен қутлықлады ҳәм турмысымызда музейлердиң тутатуғын орны, оның жас әўлад ушын әҳмийети, музейлердиң халықтың айнасы болып, ол өтмиштен бүгинги күнге шекем сақланып келген миллий байлықларымыз ҳаққында мағлыўмат бериўши шежиреси екенлигин мақтаныш пенен атап өтти.
Көргизбеде музей фондынан орын алған 90 ға шамалас халық қол өнери дөретпелери қойылып, олардың көпшилиги тамашагөйлердиң дыққатына биринши мәрте усынылды.
Илаж қатнасыўшыларына Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикалық бөлими тәрепинен «Халықлар дослығы» атамасында байрам концерти ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы студентлери тәрепинен түрли миллет ўәкиллериниң көркем өнер үлгилерин сәўлелендириўши концерт бағдарламасы қойып берилди.
Мағлыўмат орнында, сол күни Өзбекстан Көркем өнер галересында музей топламынан сайлап алынған шығармалар көргизбеси ашылды.
Усы күни халқымыз музей экспозициясының бай дүрданаларын бийпул тамашалады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги