Усы жыл 12-18-май күнлери аралығында Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры жәмәәти Наўайы ўәлаятында гастроль сапарында болды.

Бул ҳаққында бизге театр жәмәәти хабар бермекте.

Гастроль сапарының тийкарғы мақсети – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 27-августтағы «Министрликлер ҳәм мәкеме хызметкерлериниң театрға барыўын шөлкемлестириў ҳәм театрлардың республика бойлап гастроль сапарларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы мәжилис баянламасын орынлаўдан ибарат.

Театр жәмәәти Т.Миннулинниң «Бир қызға төрт ашық», Э.Собировтың «Қопал қошқар», Р.Пиязованың «Сейқырлы дән» спектакльлерин тамашагөйлердиң нәзерине усынды.

– Театр жәмәәтин гастроль сапары даўамында Кенимек районы ҳәкимлиги ҳәм районлық мәденият бөлими хызметкерлери жақсы күтип алды, – дейди театрдың хызметкери М.Қулдасова. – Бизлер атқарып атырған спектакльлерди район халқы ҳәм жаслар қызғын күтип алып, кеўилли дем алды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы