ФИФА 2022-жылда Қатарда болып өтетуғын гезектеги Жәҳән чемпионатында 32 сайланды команда қатнасатуғынлығын  рәсмий түрде жәриялады.

Бүгинги күнге шекем шөлкем басшысы Жанни Инфантино Қатардағы мундиалда қатнасыўшылардың саны 48 командаға жеткерилиўи мүмкинлиги ҳаққында айтып келген еди. Бул ушын жәҳән чемпионаты ойынларын өткериўге Қатарға қоңсы мәмлекетлерден  биреўи шерик болыўы талап етилетуғын еди. Себеби, Қатарда  ЖЧ-2022 ушын қурылып атырған стадионларының саны 48 командадан ибарат жарысты өткериў имканиятын бермейди.  Өйткени мундиал ойынларын қабыл ететуғын стадион ең кеминде 20 мың адамды сыйдыра алыўы керек. Ҳәзирги ўақытта Қатарға қоңсы мәмлекетлерден ҳеш бири мундиал ойынларын қабыл етиўге таяр екенлигин билдирмеген.

Қатардағы мундиалға сайлап алыў ойынларында әмелдеги Азия чемпионы Қатар сайланды командасы қатнаспайды. Бир күшли қарсыластың жоқ екенлиги Эктор Купер командасының пайдасы ушын хызмет етеди. Бирақ сайлап алыў басқышында сайланды командамыз Япония, Қубла Корея, Австралия, Иран,  БАӘ, Иордания, Саўдия Арабстаны, Оман, Сирия ҳәм Вьетнам, Тайланд сыяқлы күшли қарсыласлар менен ойнайды. Бул болса сайланды командамыздың ўазыйпасын және де қыйынластырады.

ӨзА