Музей-халықтың айнасы, өтмиштен бүгинги күнге шекем сақланып келген миллий байлықларымыз ҳаққында мағлыўмат бериўши шежиреси есапланады.

Ҳәр жылы елимизде 18-май «Халықаралық музейлер күни» байрамы сыпатында үлкен көтериңкилик пенен белгиленип өтиледи.

Мине, усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Халықлар дослығы» атамасында фестиваль өткерилиўи режелестирилмекте. Бул ҳаққында бизге музей жәмәәти хабар бермекте.

Илаж музейдиң «Орайлық Азия халықлары мәденияты» атамасындағы көргизбениң ашылыўы менен басланады.

Көргизбеде  музей фондынан орын алған 90 ға шамалас халық қол өнери дөретпелери қойылып, олардың көпшилиги тамашагөйлердиң дыққатына биринши мәрте усынылады.

Көргизбеге республикамыздың барлық жоқары оқыў орынларының студент-жаслары ҳәм түрли миллетлердиң мәдений орайларынан ўәкиллер келиўи күтилмекте.

Фестиваль 18-май күни саат 10:00 ден 18:00ге шекем байрам илажы сыпатында өткериледи.

Бул ҳаққында мағлыўмат берип барамыз.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы