Өзбекстанда Британияның Crown Agents компаниясы менен өтирик дәрилерди ҳақыйқыйсынан ажыратыўшы мобиль бағдарламаны иске түсириў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта. Бул ҳаққында «Дарё» хабар берди.
Бундай системаның жумыс ислеў принципи көпшиликке таныс. Телефон стрихкодқа бағдарланады ҳәм ислеп шығарыўшы, сертификатлаў ҳәм дәри ислеп шығарылған сәне ҳаққында мағлыўмат алынады. Ҳеш қандай мағлыўмат болмаса, онда дәри өтирик болады.
Crown Agents агентлигиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық менеджери Лариса Кокареваның атап өтиўинше, инновациялық система биринши гезекте медициналық препаратларды бақлаў имканиятын береди. Ҳәзирги ўақытта бундай система Бирлескен Араб Әмирликлеринде әмелге асырылмақта ҳәм ол биринши болыўы мүмкин. Өзбекстан да усы системаға ийе болған биринши мәмлекетлердиң бири болыўы мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.