Нөкис қаласында реабилитациялық орайға ийе болған биринши «Имкан» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң ашылыў салтанаты болып өтпекте. Бул ҳаққында Davletovuz каналы хабар берди.

Мағлыўматларға қарағанда, имканияты шекленген тәрбияланыўшыларға арналған, 150 ге шекемги орынға ийе болған бул мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси тек ғана Өзбекстанда емес, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында да бириншиси болып есапланады.

Бундай мәкемелер физикалық раўажланыўында кемшилиги болған балалардың жәмийеттеги орнын беккем ийелеўине көмеклеседи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.