Өзбекстан Республикасы Президенти «Халықтың машқалалары менен ислесиўде мәҳәлле институтының абыройын түпкиликли арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманға қол қойды.
Ҳүжжетке муўапық, пуқаралар жыйыны қарарын орынламағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленеди.
Пуқаралар жыйынлары тәрепинен пайдаланып киятырған мәмлекетлик мүлк есапланған имаратлар пуқаралар жыйынларына мүлк ҳуқықы тийкарында бериледи.
2019-жыл 1-июньнан баслап пуқаралар жыйынлары хызметкерлери менен мийнет шәртнамаларын дүзиў ҳәм бийкар етиў пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша районлық (қалалық) кеңеслери баслықларының биринши орынбасарлары тәрепинен әмелге асырылады.
Пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жуўаплы хаткерлериниң айлық мийнет ҳақысы быйылғы жылы 1-майдан баслап 1,25 есеге ҳәм 1-октябрьден баслап 1,2 есеге көбейтиледи.
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңесиниң баслықлары хызметкерлерди Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы пропискаға қойыў ҳаққында усыныс киргизиўи мүмкин болған мәмлекетлик ҳәкимият уйымы, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийеттеги басқа мәмлекетлик шөлкемлер дизимине киргизилди.
«Маҳалла» телерадиоканалы пуқаралар жыйынлары жумысларын сәўлелендириў мәселелери бойынша Республикалық кеңестиң бас мәлимлеме бирге ислесиўшиси етип белгиленди.
2019-жыл 1-июльға шекем пуқаралар жыйынлары жоқары тезликтеги Интернет тармағы миллий сегментлик мағлыўматларды узатыў тармағына жалғанады ҳәм олар ушын жеңилликли тариф тастыйықланады. 2020-жыл 1-январьға шекем «Электрон ҳүкимет» системасы шеңберинде «Маҳалла» электрон мағлыўматлар базасы иске түсириледи.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.