2019-жылдың 1-апрель күни Норвегия ҳүкимети ҳәм БМШның Көп тәреплеме шериклик траст фондының Нью-Йорктағы Офиси БМШның Өзбекстанның Арал бойы аймағы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик траст фондына 9,5 миллион Норвегия кроны (дерлик 1,1 млн АҚШ доллары) муғдарындағы төлемди тастыйықлайтуғын стандарт шәртнамаға қол қойды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Ҳәзирги ўақытқа келип, Өзбекстан Республикасы ҳүкимети өз жуўапкершилигине Траст фондына 6,5 млн доллар муғдарында үлесин қосыў бойынша миннетлеме алған, оның 2 миллион доллары Траст фонды есабына өткерип болынды. Норвегия фондқа қаржы киргизген биринши сыртқы донор болды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.