Бүгин, 4-апрель күни Министрлер Кабинети жанындағы дин ислери бойынша комитет тәрепинен ғалаба хабар қураллары ушын шөлкемлестирилген брифинг болып өтти. Бул ҳаққында Azon.uz хабар берди.
Брифингде Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 6-март күни қабыл етилген пуқаралардың ҳүждан еркинлиги ҳәм диний исенимге болған конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, ҳаж ҳәм умра зыяратларын шөлкемлестириў, өткериў менен байланыслы болған жумыслардың нәтийжелилигин еледе арттырыў, зыяратларды жоқары дәрежеде ҳәм системалы шөлкемлестириў және көрсетилетуғын хызметлердиң баҳасын арзанластырыў бойынша бийликтиң мағлыўматлары атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги