«Өзим оқыған мектебиме мениң китап саўғам» акциясын қоллап-қуўатлаған Олий Мажлис депутаты Қ.Бабашев өзи билим алған мектепке барып, китап саўға етти.
Президентимиздиң басшылығында усы жыл 19-март күни жасларға итибарды күшейтиў, жас әўладты мәденият, көркем өнер, денетәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў, оларда мәлимлеме технологияларынан дурыс пайдаланыў көнликпесин қәлиплестириў, жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилип, онда мәмлекетимиз басшысы 5 әҳмийетли басламаны алға қойған еди.
Төртинши баслама жаслар мәнаўиятын жоқарылатыў, олардың арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириўге бағдарланған.
Жақында Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасының депутаты Қ.Бабашев өзи билим алған, Тақыятас районындағы 16-санлы улыўма билим бериў мектебине халқымызға белгили ҳәм шет ел классикалық жазыўшылардың 15 дана китабын саўға етти.
Китаплар арасындағы Э.Ваҳидовтың «Инсан», Ў.Ҳошимовтың «Еки есик арасы», Е.Сетон Томпсонның «Жабайы жорға», Л.Толстойдың «Анна Каренина», М.Твенниң «Янки ҳәм патша Артур» ҳәм басқа да дүрдана шығармалар оқыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты.
Сондай-ақ, оқыўшылар менен сәўбетлесиў барысында китап оқыўдың әҳмийети, бүгинги күнде жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде түсиник берди.
Билимге қуштар мектеп оқыўшылары китапқа болған қызығыўшылығын жасырып отырмай, айырым классикалық әдебиятларды таўып оқыў имканияты болмай атырғанлығын атап өтти.
Өз гезегинде депутат Қ.Бабашев бул дәстүрди даўам еттирип, соралған әдебиятларды кейинги ушырасыўында алып келиўге ўәде берди.
Талантлы мектеп оқыўшылары өзлери жазған қосықларынан оқып берди.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы