Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында өткерилген гезектеги «Ҳүкимет сааты»на төменги палатадағы Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының басламасы менен Санаат, қурылыс ҳәм саўда мәселелери комитети менен биргеликте «Хожалықлараралық аўыл хожалығы автомобиль жолларының ҳәм қалалар, қалалық посёлкалар және аўыллардағы көшелеринде бар тармақлардың бүгинги жағдайы, оларды жақсылаў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында»ғы мәселе киргизилди.

 Депутатлардың өз сайлаў округлериндеги ушырасыўлары ўақтында кең халық қатламы тәрепинен турақлы түрде көтерилип атырған аўыр машқалалардан бири екенлиги бул мәселениң қаншелли әҳмийетли  екенлигин  көрсетип атырғанын атап өтиў керек.

Усы мүнәсибет пенен «Ҳүкимет сааты»на төменги палатаның депутатларына мәлимлеме ҳәм сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап бериў ушын Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитети баслығының биринши орынбасары Шуҳрат Назаров мирәт етилди.

Дәслеп парламент ўәкиллери көтерген мәселе бойынша комитет тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-февральдағы «2017-2018-жыллары аймақлық автомобиль жолларын раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары жол-транспорт инфраструктурасын буннан былай да жетилистириў, халықтың турмыс тәризи ушын, әсиресе, аўыллық жерлерде қолайлы шараятлар жаратыў, ишки жоллардың жол қапламаларының жағдайын зәрүр дәрежеге келтириў, транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасының жедел раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет етип атырғаны атап өтилди. Сондай-ақ, Президентимиздиң «Абат аўыл» бағдарламасын 2018-жылы әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып өткен 2018-жылы 417 аўылдағы жоллар оңланып, пайдаланыўға тапсырылған.

Тараўда қәнигели кадрлар таярлаўдың жаңа системасын қәлиплестириўде, сырт мәмлекетлерде студентлердиң әмелиятын шөлкемлестириў, оқыў процесине алдынғы сырт ел қәнигелерин тартыў, қосымша әдебиятларды басып шығарыў мәселелерин раўажландырыў ҳәм автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў және эксплуатациялаў процесин, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, автомобиль ҳәрекети ағымын нәтийжели басқарыўда халықаралық майданда кең пайдаланып атырған заманагөй программалық тәмийнатлар лицензияларын сатып алыў илажлары көрилип атырғаны атап өтилди.

Депутатлар тәрепинен комитеттиң жумысына мүнәсибет билдирилип, орынлардағы машқалалар ның дәлийл ҳәм мысаллар менен келтирип өтилди. Атап айтқанда, жоллардың сапасыз қурылыўы халыққа ямаса мәмлекетке тек ғана экономикалық зыян емес, ал басқа да зыянларды да келтирип шығармақта. Жол-транспорт ҳәдийселериниң белгили бир бөлеги жоллардың насазлығы себепли жүз бермекте.

Соның менен бирге, жоллардың сапалы ҳәм узақ мүддетли хызмет етиўин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар талап дәрежесинде емес екенлиги де сынға алынды. Депутатлар жол қурылысында зәрүр материаллар ҳәм техниканың жетиспеўшилиги, ишки жолларда белгиленген нормадан зыят салмаққа ийе жүк автомобильлериниң ҳәрекетлениўин шеклеў, автомобиль жолларын талапқа жуўап беретуғын жағдайға келтириўде мәмлекет ҳәм жеке сектор қатнасықларын раўажландырыў бойынша жумыслар талап дәрежесинде емес екенлигин атап өтти.

Қызғын сораў-жуўап, пикир-талас руўхында өткен «Ҳүкимет сааты»нда жоллардың бүгинги жағдайы, оларды жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумысларды жеделлестириў, сапасын арттырыў бойынша Автомобиль жоллары комитетине усыныслар берилди. Бул бойынша нәтийжели парламентлик қадағалаўды алып барыўға келисип алынды.

Нызамшылық палатасының бир топар депутатлары тәрепинен болса, мәселениң әҳмийетлилиги, кемшилик ҳәм машқалалар республикамыздың ҳәр бир аймағында бар екенлиги есапқа алынып, Өзбекстан Республикасы транспорт министрине парламент сораўын жибериў усынысы билдирилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети