Орта арнаўлы оқыў орынларында «Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының жигирма алты жыллығы» атамасында ушырасыўлар болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслықлары, депутатлар, суд, прокуратура, ишки ислер уйымларының басшылары, жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары ҳәм жаслар қатнасты.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң академиялық лицейинде өткерилген ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, Жынаят ислери бойынша судының судьясы Т.Туракулов, Конституциялық бақлаў комитетиниң ағзасы Е.Қутыбаева, Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының аға инспекторы М.Давлетклычев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады.
Илажда өзинде инсаныйлық идеяларды жәмлеген, инсан ҳуқықларын ҳәм ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўши усы нызам ҳәм оның әҳмийети туўралы кеңнен түсиник берилди.
Атап өтилгениндей, Конституция 26 жылдан берли республикамызда жәмийеттиң дәўир талабына сәйкес раўажланыў процесине унамлы тәсир тийгизетуғын, оны ретлестиретуғын ҳәм тәртипке салатуғын юридикалық ҳүжжет болып келмекте. Конституциямыз бүгинги жедел пәт пенен өзгерип атырған дүньядағы процесслердиң барлық сынақларынан табыслы өтип келмекте.
– Конституцияда халық ҳәкимияты мәселелери өзиниң сәўлелениўин тапқан болып, республикамызда жасайтуғын барлық миллет ўәкиллери Конституция алдында тең ҳуқыққа ийе. Оның ҳәр бир нормасы өзиниң мазмун-мәниси менен халқымыздың тарийхый мәденияты ҳәм мәнаўиятына байланыстырылған,-дейди лицей директорының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Г.Изимбетова. – Бүгин республикамызда жасап атырған ҳәр бир пуқара Конституция тәрепинен белгиленген еркин мийнет етиў, билим алыў ҳәм басқа да ҳуқықлардан утымлы пайдаланып, елимиздиң раўажланыўына үлес қоспақта.
Тийкарғы Нызамымыз халық мәпи ушын, яғный, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўға, тынышлықты-татыўлықты тәмийинлеўдей ийгиликли мақсетлерге хызмет етпекте.
Орынларда байрамға бағышланған илажлар даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.