3-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық  музыкалы театрында мәҳәллелердеги жәмлеспеген жаслар арасында «Ҳәзил майданы» атамасындағы «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаў ҳәр жылы дәстүрий тәризде Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген болып, онда  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-июльдеги «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәҳәллелердеги жәмлеспеген жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, жасларға жаратылып атырған имканиятлар менен жақыннан таныстырыў, жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, олардың қуўнақлық ҳәм зийреклик қәбилетин раўажландырыў арқалы қоллап-қуўатлаў мақсетинде өткерилмекте.

Таңлаўдың финал басқышына қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған Нөкис қаласының «Қаракең», Әмиўдәрья районының «Эксклюзив», Шоманай районының «Таза ҳаўа директорлары», Тахтакөпир районының «Джентельмен», Хожели районының «БДЖ» командалары жетип келип, өз қәбилетлерин көрсетти.

Таңлаў қатнасыўшылары «Бизди күткенлерге сәлем» (Сәлемнама), «Биатлон» (Ҳәр бир топар ағзаларынан 4 қатнасыўшы избе-изликте бир ҳәзилден айтыў) ҳәм музыкалы басқыш «Қосық айтпаған ким қалды» шәртлери бойынша өз-ара беллести.

Таңлаў жуўмағында Шоманай районының «Таза ҳаўа директорлары» командасы биринши, Нөкис қаласының «Қаракең» командасы екинши ҳәм  Хожели районының «БДЖ» командасы үшинши орынға ылайықлы деп табылды ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм ҳүрмет жарлықлары, естелик саўғалары менен сылықланды.

Таңлаўдың биринши орын жеңимпазы арнаўлы «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы кубоги менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы