Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде «Қарақалпақстан Республикасының туризм потенциалы» атамасында баспасөз конференциясы болып өтти.
Конференцияға тараў қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының баспасөз хаткери Ч.Елмуратов басқарып барды.
Онда Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Б.Қусекеев, Қарақалпақстан Республикасы бойынша мәдений мийрас объектлерин сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў регионаллық мәмлекетлик инспекциясы баслығы Қ.Шарипов ҳәм басқалар сөзге шығып, республикамызда туризмди раўажландырыўда жүргизилип атырған реформалар, сондай-ақ, зыярат туризмин жетилистириўде мәдений естелик орынларын абаданластырыў бағдарында алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, өткен жылы Мойнақ районында «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гострономиялық халықаралық фестивал ҳәм «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» халықаралық экофестивалларының шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ, XIX-әсир Қарақалпақ әдебиятының уллы тулғалары болған Күнхожа Ибрайым улы ҳәм Бердақ Ғарғабай улының ҳәм басқа да дөретиўшилердиң символикалық қәбирлерине көркем мавзолейиниң қурылыўы ишки туризмди, қалаберсе сырт елли туристлерде қызығыўшылық пайда етиў менен бирге экономикамыздың раўажланланыўында әҳмийетли болып табылады.
– Елимизге туристлерди тартыўда күнделикли баспасөз бетлеринде сондай-ақ, интернет сайтларында жәрияланып атырған усы бағдардағы материаллардың да әҳмийети күшли болып табылады,– дейди Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң хабаршысы Е.Қанаатов. – Қарақалпақстан Республикасының туризм потенциалы оғада бай болып, оларды қалыс ҳәм қызықлы етип сәўлелендирип барыўда биз ҒХҚ ўәкиллеринен терең дөретиўшилик мийнет талап етиледи. Бул бағдарда елимиз аймағында жайласқан тарийхый ҳәм мәдений орынларға прес-турлар шөлкемлестириў мақсетке муўапық болады. Сондай-ақ, елимиздиң туризм потенциалын сәўлелендиретуғын қунлы материаллар интернет сайтларына шет тиллерде де жайластырыўы тийис.
Илаж соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, оларға тийисли жуўаплар алды.
А.ОРАЗОВ.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.