1-апрель күни Ташкенттиң Юнусобод районындағы «Шайх-шибли» мәҳәллеси қасындағы автомобильлер туратуғын жердеги 59 жаслы ҳаял тиленшилик пенен шуғылланғаны ушын қолға алынды, деп жазады «Дарё» басылымы.
Мағлыўматларға қарағанда, бул ҳаял январь айында усындай нызамбузыўшылық ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған ҳәм ең кем айлық мийнет ҳақының ярым есеси муғдарында жәриймаға тартылған. Бирақ, ол тиленшилик пенен шуғылланыўын даўам еттирген.
Ақыбетинде, оған Жынаят кодексиниң 127-1-статьясының 1-бөлими («Тиленшилик») бойынша жынаят иси ашылды.
Еслетип өтемиз, Жынаят кодексиниң 127-1-статьясына муўапық, тиленшилик пенен шуғылланыў, усындай ҳәрекет ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин әмелге асырылған болса, еки жүз қырқ саатқа шекемги мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ямаса еки жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары яки бир жылға шекем еркинлигин шеклеў яки болмаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги