Усы жылдың 2-апрель күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде «Нәрестелер ҳәм киши жастағы балалардың аўқатланыўы ҳаққында»ғы нызам жойбарының додалаўы болып өтти.
Биринши оқыўда көрип шығылған бул нызам жойбарында нәрестелерди ана сүти менен бағыўды үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, балалар азық-аўқат өнимлерине қойылатуғын талаплар, оларға әмел етиў илажлары, сертификатлаў мәселеси және усы тараўда медицина хызметкерлериниң орны ҳәм ўазыйпалары белгилеп қойылмақта. Сондай-ақ, усы тараўды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў, онда Министрлер Кабинети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, пуқаралардың және пуқаралық жәмийети институтларының ўәкилликлери де анықластырылмақта.
Ең баслысы, нызам жойбарында нәрестелер, киши жастағы балалар менен бирге аналар болыўы мүмкин болған медициналық мәкемелерде, сондай-ақ, басқа шөлкемлерде, жәмийетлик орынларда тийисли санитариялық қағыйдалар ҳәм гигиеналық нормативлерге жуўап беретуғын нәрестелер ҳәм киши жастағы балаларды емизиў ушын арнаўлы ажыратылған орынларды шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.
Депутатлардың атап өтиўинше, бул нызам жойбары елимизде саламат нәсил ҳәм баркәмал әўладты тәрбиялаўға бағдарланған бир қатар илажлардың логикалық даўамы ҳәм нызамлы тийкары болып хызмет етеди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.