Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»нде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында «Илим – келешек таянышы» сүрени астында «Қизларжон» оқыўшы-қызлар саммити өткерилди.
Илаж оқыўшы-қызлардың заманагөй билим ҳәм көнликпелерин раўажландырыў, жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, оларды руўхый-әдеп-икрамлылыққа тәрбиялаў, кәсип-өнерге үйретиў, шаңарақлық турмысқа таярлаў, олардың талантын қәлиплестириў ҳәм жүзеге шығарыўға имканият жаратып бериў, улыўма орта билим бериў мектеплериндеги «Қизларжон» клубларының жумысын жетилистириў арқалы қызлардың бос ўақытларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде өткерилмекте.
Саммитте аймақларда таңлап алынған 14-18 жастағы 8-11-класс оқыўшы-қызлары қатнасты.
«Қизларжон» клубларының координаторлары, халықаралық, республикалық, районлық ҳәм қалалық пән олимпиадаларының жеңимпазлары, пәнлерди жоқары баҳаларға өзлестирген оқыўшы-қызлар, Өзбекстан жаслар аўқамының аймақлық сәрдарлары, өнерментшилик ҳәм МКТ (мәлимлеме-коммуникация технологиялары) менен шуғылланатуғын оқыўшы-қызлар саммитте қатнасып, билим ҳәм көнликпелерин арттырды. Олар ушын тәжирийбели қәнигелер, психологлар қатнасыўында «Меҳрибанлық үйи»ниң бес жеринде шеберлик сабақлары ҳәм тренинглер өткерилди.
«Меҳрибанлық үйи»ниң спорт залында болса, өнерментшилик пенен шуғылланатуғын оқыўшы-қызлардың өз қоллары менен жаратқан кестешилик, тоқымашылық, гилем тоқыў, көркем сүўретлеў бойынша дөретпелери көргизбеге қойылып, ярмарка шөлкемлестирилди. Ярмаркада өними ең көп сатылған, белсене қатнасқан өнермент қызлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.
Илаж шеңберинде оқытыўшылар, ата-аналар ҳәм басқа да мийманлар ушын «Меҳрибанлық үйи» таныстырылды. Қатнасыўшылар бул жердеги тәрбияланыўшылар ушын жаратылған шараятлар, олардың жасаў жағдайларын көзден өткерди.
Бүгинги күнде 131 тәрбияланыўшы, кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери заманагөй технологиялар тийкарында тәлим-тәрбия алмақта.
– Елимизде жаслар ушын үлкен имканиятлар жаратылған болып, 23-26-март күнлери аралығында Самарқанд қаласында өткерилген «Қизларжон» оқыўшы-қызлар саммити усындай мүмкиншиликлердиң бири болды. Себеби, саммитте қызлар өзлериниң талантын жүзеге шығарыў ҳәм басқаларға көрсетиў имканиятына ийе болды, – дейди 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшысы Раъно Карамова. – Мен де усы саммитте өнерментшилик бағдары бойынша қатнасып, тәжирийбели қәнигелерден, психологлардан көп мағлыўматлар алдым. Бүгин «Меҳрибанлық үйи»нде өткерилген саммитте усы алған билимлеримди басқа оқыўшы-қызлар менен бөлисиўге ҳәрекет еттим. Қала ҳәм районлардан келген оқыўшы-қызлар бүгин алған билим ҳәм көнликпелерин келешекте пайдаланады, деп үмит етемен.
– Республикамызда да Самарқанд қаласында өткерилген «Қизларжон» оқыўшы-қызлар саммити өткерилип атырғанынан үлкен қуўанышқа бөлендик. Мен бүгинги саммитте мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдары бойынша теңлеслериме Самарқандта үйренип келген билимлеримди жеткердим, – дейди Хожели районы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Бийбиназ Төремуратова. -Қызлар усындай илажлардан соң өз өнериниң устасына айланады. Өмирде өзлериниң жолын таўып, профессионал дәрежеге жетеди. Соның менен бирге, шаңарағына қосымша дәрамат келтирип, жәмийетте ылайықлы орнын табады.
Саммиттиң жуўмағында 5 бағдар бойынша қатнасыўшы қызларға дипломлар тапсырылды: «Қизларжон» клубының координаторы бағдары бойынша Ж.Қурбанбаева, билимлендириў бағдары бойынша Ш.Ибрайимова, Өзбекстан жаслар аўқамының аймақлық сәрдары бағдары бойынша Д.Қәллибекова, өнерментшилик бағдары бойынша К.Жеделбаева ҳәм МКТ бағдары бойынша З.Абубакировалар хошаметленди. Сондай-ақ, саммит даўамында шеберлик сабақларын өткен тренерлерге Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри атынан алғыснама тапсырылды.
«Қизларжон» оқыўшы-қызлар саммити республикамыздың барлық қала ҳәм районларында даўам етеди.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.