Инновациялық раўажланыў министрлигинде стартап жойбарларды қаржыландырыўға сертификатлар берилди.
Министрлик өткен жыл сентябрь айында өз қәрежетлерин өзи қаплаў тийкарында қаржыландырыў ушын инновациялық, илимий-изертлеў, тәжирийбе-конструкторлық ҳәм «Startup» жойбарлары таңлаўын жәриялаған еди. Өткен дәўирде таңлаўға 500 ден аслам жойбар келип түсти. Олар әҳмийетлилиги, коммерцияластырыў имканияты, нәтийжелилиги жағынан үйренилди. Нәтийжеде бүгинги күнге шекем олардан 12 жойбар таңлап алынды.
Таңлаўда тема шекленбеген болып, оған ҳәр қыйлы тараў ўәкиллери қатнасты. Бир қатар бағдарлар бойынша инновациялық өнимлерди ислеп шығарыўға қаратылған жойбарлар қаржыландырылыўға ылайық деп табылды. Егинлерди кеселликлерден қорғайтуғын органикалық төгинлер, пистеден диабетикалық ҳалўа ҳәм пасталар, госсипол смоласынан битум, топинамбурдан шыпалы препарат, мектепке шекемги ҳәм басланғыш класс жасындағы балалар ушын электрон конструктор, жуқпалы кеселликлердиң алдын алатуғын инновациялық препаратлар усылардың қатарына киреди.
Таңлаў жеңимпазларының көпшилиги грант қаржылары менен бир қатарда жойбарда өз қаржылары менен де қатнаспақта. Қаржысы болмаған жағдайда исбилерменлер қатарынан инвесторларды тартыўға ерискен жойбар ийелери де бар. Бул усы жойбарлардың нәтийжелилигине исенимди арттырады.
– Жойбардың қаншелли әўметли болыўы исбилерменниң өз қаржысын жумсаўға таяр екени менен де баҳаланады, – дейди стартаплар илимий-техникалық кеңесиниң баслығы, исбилермен Ҳасан Мамасаидов. – Стартап жойбарларда да ҳәр қандай бизнесте болғаны сыяқлы пул ақша жумсап, көп дәрамат алыў имканиятлары излениўи керек.
Инновациялық раўажланыў министрлиги өз бизнес жойбарларын кейин ала сырт елге экспорт етиў ҳәм пүткил дүньяға жайыў имканиятын қолға киргизген таңлаў жеңимпазларын Алдыңғы технологиялар орайындағы Илимий стартаплар акселераторларының резидентлери болыўға мирәт етти. Акселераторда олар бул тараўда халықаралық тәжирийбеге ийе менторлардың хызметинен пайдаланыўы мүмкин. Бул стартап жойбарларының табыслы өтиўине тийкар жаратады.
Жақын күнлерде Инновациялық раўажланыў министрлиги стартап жойбарларының жаңа таңлаўын жәриялайды. Таңлаўда инноваторлар, исбилерменлер, илимий потенциалы жоқары, техникалық көнликпелерге ийе, дөретиўшилик ой-пикирге ийе барлық жерлеслеримиз қатнасыўы мүмкин.
ӨзА