Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультети мәжилислер залында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Жийенбай Избасқанов пенен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға белгили журналист ҳәм шайыр Әбдиқәдир Қайыпов, шет тиллери факультети ҳәм институттың дөретиўши студент-жаслары қатнасты.

Илажды шет тиллери факультети деканы И.Дильманов ашып берди ҳәм басқарып барды.

Ушырасыўда шайыр Жийенбай Избасқанов өмири ҳәм дөретиўшилик жолы ҳаққында кең түрде айтып берди. Жаслар өзлерин қызықтырған сораўларын берип, толық мағлыўматлар алды.

Сондай-ақ, ушырасыўда шет тиллери факультети басламасы менен институттың дөретиўши жаслары тәрепинен жазылған қосықлар, гүрриңлер сыяқлы поэзиялық ҳәм прозалық дөретпелер, сондай-ақ, шет ел әдебиятларынан ислеген аўдармаларының жыйнағы болған «Алтын дәўир нәпеси» атамасындағы китапты таныстырыў илажы болып өтти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.