Елимизде Саудия Арабстаны Патшалығы Саўда-санаат палаталары Кеңесиниң Бас хаткери Сауд бин Абдулазиз ал Машарий басшылығындағы делегация болып тур.
Делегация қурамынан Патшалықтың «Far East», «Awad Group», «Dhel al-Nakheel», «Rabee company» сыяқлы 20 ға жақын ири компанияларының ўәкиллери орын алған.
Өзбекстан Саўда-санаат палатасының берген мағлаўматларға қарағанда, бул компаниялар елимиз исбилерменлери менен аўыл хожалығы, жеңил санаат, азық-аўқат, туризм, саўда, энергетика тараўлары бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў тилегинде.
Ташкентте ҳәзир, 3-апрель күни сапар етиў шеңберинде еки мәмлекет исбилермен топарларының бизнес ушырасыўы да өткерилмекте. Онда елимизден 100 ден аслам кәрхананың ўәкиллери қатнаспақта.
Малоҳат Ҳусанова, ӨзА