Буннан былай Өзбекстанда сырт еллерде сыртқы, кешки ҳәм аралықтан оқытыў арқалы алынған дипломлар ҳақыйқый болып есапланады.
Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 29-марттағы қарарына муўапық, «Сырт еллерде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ҳәм нострификациялаў (эквивалентлигин атап өтиў) тәртиби ҳаққында»ғы уставқа өзгерис киргизилди.
Өзгериске муўапық, сырт еллерде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетти тән алыў талаплары дизиминен билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет Өзбекстан Республикасында әмелде болған билимлендириў формасында оқып алынған болыўы кереклиги ҳаққындағы қағыйда алып тасланды.
Демек, буннан былай Өзбекстанда сырт еллерде сыртқы, кешки ҳәм аралықтан оқытыў арқалы алынған дипломлар ҳақыйқый болып есапланады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.