Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 30-марттағы 268-санлы қарарына муўапық Медет Абдимуратович Тлеуов – Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры атқарыўшы директорының биринши орынбасары етип тайынланды.
М.Тлеуов 1973-жылы Қарақалпақстан Республикасының Шымбай районында туўылған, миллети қарақалпақ, мағлыўматы жоқары.
Қаржы министрлиги системасындағы жумысын 2004-жылы Нөкис қаласы қаржы бөлиминың есапшы эксперти лаўазымынан баслаған.
Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры атқарыўшы директорының биринши орынбасары лаўазымына тайынланыўына шекем М.Тлеуов Қаржы министрлиги Ғазнашылық баслығының орынбасары – Әмелият басқармасының баслығы лаўазымында ислеп келген. Қаржы министрлигиндеги мийнет стажы 15 жыл.
ӨзА