Республикалық Гидрометеорология орайының хабар бериўинше, 2-апрель күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа өзгерип турады, айырым жерлерде жаўын-шашын болыўы мүмкин. Батыстан секундына 7-12 метр тезликте самал есип, айырым жерлерде 15-20 метрге шекем күшейиўи мүмкин. Түнде 5-10 дәреже, күндизги ўақытлары 15-20 дәреже жыллы болыўы күтиледи.
ӨзА