Пайтахтымыздағы «Жипек жолы» мийманханасында «Сайғақларды биргеликте сақлап қаламыз!» сүрени астында ушырасыў болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң хызметкерлери, «Сайгачий» комлексли-ландшафт буйыртпашысының басшылары, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң, Қоңырат районы ҳәкимиятының, Халық билимлендириў министрлигиниң ўәкиллери, сондай-ақ, Нөкис қаласындағы билимлендириў ҳәм раўажланыў бойынша «Прогресс» орайының, Мойнақ районындағы  1-санлы мектептиң, Қоңырат районындағы бир қатар мектеплердиң муғаллимлери ҳәм экологиялық клублардың басшылары қатнасты.

Ушырасыўда «ЕКОМАКТАВ» экологиялық ресурс орайының директоры Наталья Шивалдова, ӨзРИА Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ Тәбийғый илимлер илимий-изертлеў институты директорының орынбасары, биология илимлериниң докторы, профессор С.Мамбетуллаева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бул бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Бул мектеплерде 2016-жылдан берли экологиялық клублар ислеп тур. Оларда жас өспиримлер ҳәм жаслар барлық илажларға қатнасып, экология бойынша билимлерин кеңейтип келмекте. Усы клублардың барлығындағы тийкарғы үйренилетуғын объект бул – сайғақлар ҳәм Аралбойының дала экосистемасы болып есапланады.

Илажда «2019-2021-жылларда Қарақалпақстан Республикасында сайғақлардың популяциясын сақлаў ҳәм оның тәбийғый экосистемасын тиклеўге қаратылған илажларға кең жәмийетшиликти ҳәм өсип киятырған жас әўлад ўәкиллерин тартыў Бағдарлама»сы кең түрде додаланып, усы бағдарламаның жаңа версиясы бойынша қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланды.

Атап өтилгениндей, бул бағдарлама клубларға қатнасатуғын жаслар арасында кең тарқалған экологияға байланыслы «Сайғақлар күни», «Көшип жүриўши ҳайўанлар күни», «Қорықханалар күни» сыяқлы байрамларды өткерип барыўға, экскурсиялар шөлкемлестириўге, солай етип, билимлерин арттырыўға кең мүмкиншиликлер жаратады. Сондай-ақ, сайғақларды қорғаў мәселелерине кең жәмийетшилик ўәкиллерин де тартыўға үлкен мүмкиншилик жаратып, усы бағдардағы илажлардың әҳмийетин арттырыў ушын хызмет етеди.

Еслетип өтемиз: Cайғақлар 2008-жылдан берли Өзбекстан Республикасының Қызыл китабына киргизилген. Ҳәзирги ўақытта республикамызда өткен XX әсирдеги сайғақлар санының бир проценттен де азы аман қалған. Олардың санының азайып кетиўиниң ең тийкарғы себеплериниң бири бул – браконьерлик болып есапланады.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.