Мойнақта Наўрыз байрамы этнофестиваль тәризинде өткерилди. Биринши рет өткерилип атырған бул илажға мыңлаған жергиликли ҳәм сырт елли мийманлар келди. Еки күнлик илаждың екинши күнинде Мойнақта таң азаннан аппақ қар жаўды.
30-март күни байрам илажлары тийкарынан район орайында шөлкемлестирилген «Өнерментлер аўылы»нда болып өтти. Күн ашық жарқырап тур. Аспан болса тынық. Әйне байрамға сай ҳаўа-райы. Адамлардың жүзлеринде қуўаныш.
Бул жерде уста-өнерментлердиң қол мийнетлери, аспазлар тәрепинен таярланған ҳәр түрли миллий тағамлар көргизбеге қойылған. Байрамға арналған саўда ярмаркаларында өнимлер арзан баҳаларда сатылмақта. Көргизбеде баспалар тәрепинен китаплар да сатыўға қойылған.
-Быйылғы Наўрыз байрамы маған жүдә көтериңки кейпият бағышламақта,-дейди «Арал балықшысы» газетасының бас редакторы Заҳида Қалжанова.-Мойнақта дерлик ҳәр күни байрам деседе болады. Өйтени, Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары себепли районымыз пүткиллей жаңа турмысты күтип алмақта. Ҳәр күни қандайда бир қурылыс обьекти питкерилип пайдаланыўға тапсырылып атыр, ямаса қандайда бир илаж өткерилмекте. Мойнақ ҳәм Арал бойынша ҳәр күни жақсы жаңалықлар еситип атырмыз. Өткерилип атырған этнофестиваль болса ҳәмме асығып күткен илаж болды.
«Өнерментер аўылы»нда балықшының ески үйи қайта оңланып үй музейине айландырылған. Ол жерде тап өтмишке қайтып Арал балықшысы сыяқлы қыял «сүриўиниз» мүмкин. Әйне усы музейдиң жанынан туристлер ушын хостел де шөлкемлестирилген. Сырт елли мийманлардың усы хостелде теңиз турмысы менен жасаўына имканият жаратылған. Сондай-ақ, үй музейи жанындағы дүкәнда Арал ҳәм Мойнаққа және де қарақалпақлар турмысына байланыслы ҳәр түрли сувенирлер сатыўға қойылғаны көпшиликти қызықтырмақта.
Таң азаннан миллий қосықлар сеслери астында баўырсақ, сөк-тақан таярланды, сүмелек ҳәм Наўрыз гөже қайнатылды. Фольклор топары тәрепинен беташар, сүннет той сыяқлы миллий той-тамашалар атқарылды.
Бир тәрепте қарақалпақлардың қара үйин тиклеў процеси жыйналғанларға көрсетилип атырған болса, екинши тәрепте, «қазан», «бекташ», «қашарман», «ләңки», «шүллик», «аңғалақ», «көшпек» сыяқлы миллий балалар ойынлары бойынша жарыслар өткерилди. «Өнермент» бирлеспеси тәрепинен миллий кийимлер модасы өткерилди. Үш жерде әткөншек қурылып, оларда жас балалар да жасы үлкенлер де ушып кеўил көтерди.
Гүрес жарысы да жүдә қызықлы болды. Шебер дәрўаздың көзи байланған ҳалда дар үстине тартылған жипте шеберлик пенен тамаша көрсетиўи, әсиресе, балаларда жақсы тәсирлер оятты. Қарлығаш, балық ҳәм қызғыш фламинголар көринисиндеги пәтпелеклер балалардың ең сүйикли ойыны болды.
Сол күни Мойнақта өткерилген илажда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының филология ҳәм педагогика факультетлеринен 100ден зыят студентлер де миллий кийимлерде қатнасты. Олар Мойнақтың итибарға ылайықлы орынларына да саяхат шөлкемлестирди.
Усы институт профессоры Кеңесбай Алламбергенов сол күни өзиниң жеке басламасы менен Мойнаққа жақын жердеги Шағырлы аўылынан ярым гектар жер алып мийўели дарақлардың нәллерин отырғызып, қайырлы иске қол урды.
Байрамның биринши күнги илажларына жыраў-бақсылардың от әтирапындағы кешки концерт бағдарламасы жуўмақ жасады.
31-март күни кәрўан жүриси ҳәм гала концерт болып өтиўи керек еди, бирақ Мойнақта таң азаннан баслап жаўған аппақ қар илажлардың басқа күнге көширилиўине себеп болды.
Мойнақлылар көп ўақытлардан берли бундай жаўын-шашынды көрмеген еди. Наўрызда жаўған қар теңиздиң қурыған түбинде егилген сексеўил нәллери ушын жүдә жақсы болды. Аралбойында болса байрам даўам етпекте.
Төменде Мойнақта өткерилген байрам илажларынан суўретлерди тамашалаўыңыз мүмкин.
Е.Қанатов,ӨзА