Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутқан социаллық әҳмийетке ийе жойбар буйыртпалары қабыл етиледи:
– басқалардың күтимине мүтәж жалғыз кексе пуқараларды, майыпларды мәнзилли социаллық қорғаўды жетилистириў, оларға көрсетилип атырған медициналық-социаллық жәрдем көлемин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыўға жәрдемлесиў;
– жазаны өтеў орынларынан азат етилген, әпиў етилген шахслардың, турақлы турақ жайға ийе болмаған шахслардың жәмийетке социаллық интеграциясы ҳәм реабилитациясына қаратылған бағдарламаларды мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте әмелге асырыў;
– халықтың, бәринен бурын, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, оларды руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте қоспа ис режелерди турмысқа енгизиў;
– мәҳәллелерде, шаңарақларда социаллық-руўхый орталықтың турақлылығына унамсыз тәсир ететуғын жағдайлар, өз жанына қаст етиў, нәшебентлик, ерте турмыстың алдын алыўда мәмлекетлик уйымлар менен социаллық шерикликти күшейтиў;
– халықты, әсиресе, жасларды нәшебентлик, тәртипсизлик ҳәм зыянлы тәсирден қорғаўда билимлендириў мәкемеси, шаңарақ ҳәм мәҳәлле институтлары менен социаллық бирге ислесиўди күшейтиў;
– тынышсыз ҳәм сәтсиз шаңарақлар менен ислесиў, шаңарақта социаллық-руўхый орталықтың турақлылығына унамсыз тәсир ететуғын жағдайлардың алдын алыўға, шаңарақта саламат руўхый орталығын тәмийинлеўге жәрдемлесиў;
– мәҳәллелерде ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўға, маўасасызлық орталығы қәлиплесиўине жәрдемлесиў, социаллық шериклик тийкарында абат ҳәм қәўипсиз мәҳәллени шөлкемлестириўде пуқаралық жәмийети институтларының ролин күшейтиў;
– Арал апатшылығының қоршаған орталыққа ҳәм халықтың саламатлығына унамсыз тәсирин жумсартыўға, Аралбойы аймақларында экологиялық жағдайды тиклеўге ҳәм саламатландырыўға жәрдемлесиў;
– нызамсыз мийнет миграциясынан, мәжбүрий мийнет ҳәм кемситиўлерден жәбирленген шахсларды ҳуқықый және социаллық қорғаў, системалы профилактикалық үгит-нәсиятлаў ҳәм реабилитациялаў;
– халықтын бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде аймақларда социаллық ҳәм турмыслық инфраструктураны жаратыўға, шаңарақлық бизнести, жеке исбилерменликти, жумысты бөлип алып ислеўди, халық өнерментшилигин раўажландырыўға ҳәм халықтың турмыс дәрежесин және сапасын жақсылаўға жәрдемлесиў;
– мәмлекетлик уйымлар ҳәм бизнес субъектлери менен биргеликте жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм жас шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў;
– социаллық машқалаларды шешиўге мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыў бойынша социаллық шерикликти қоллап-қуўатлаўға жәрдемлесиў;
– «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын әмелге асырыў процесслерин, елимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыў процесслери, реформалардың анық нәтийжелерин электрон ҳәм баспа ҒХҚда кеңнен сәўлелендириўди қоллап-қуўатлаў;
– Өзбекстан Республикасының тийкарғы халықаралық рейтинглердеги орнын арттырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды системалы таллаўға, оларды сапластырыў бойынша усынысларды ислеп шығыўға, мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматларды халықаралық рейтинглерлерди дүзиўшилерге жеткериўде жәрдемлесиў;
– мәмлекетлик уйымлар жанындағы жәмийетлик кеңеслер менен социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер талапларының әмелге асырылыўын тәмийинлеў.
Мәмлекетлик грант таңлаўында қатнасыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- Шөлкемниң басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.
- www.fundngo.uz веб-сайтында жайластырылған формада толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза.
- Мәмлекетлик дизимнен өткерилген Устав (Реже) ҳәм гүўалықтың мөр менен тастыйықланған көширмеси.
- Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның көширмеси усынылады.
- Мәпдар мәмлекетлик ҳәм ири жәмийетлик шөлкемлер менен дүзилген социаллық шерикликтиң қоспа режелери қосымша етилиўи мүмкин.
Бир жойбар ушын мәмлекетлик грант муғдары – 30 миллион сумға шекем.
Ҳүжжетлер 2019-жылдың 28-мартынан 30-апрелине шекем қабыл етиледи.
Ҳүжжетлер «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик фонды» атына: 100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай мәнзилине «Өзбекстан почтасы» арқалы мөрленген конвертте (А4 форматында) жиберилиўи шәрт.
Ҳүжжетлердиң үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.
Мағлыўмат ушын телефонлар: (0-371) 239–26–76, 239–26–86.