29-март күни Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Нөкис филиалында бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы өткерилди.
Ярмарка Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген болып, оған колледж, лицей ҳәм филиалдың питкериўши курс студент-жаслары қатнасты.
– Бул ярмарка ҳәр жылы март айында дәстүрий тәризде өткериледи. Бундағы мақсет – филиалдың питкериўши жасларын жумыс пенен тәмийинлеўден ибарат, – дейди Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығының орыбасары Қурманғалий Каланов. – Бүгин қайсы тараўды алып қарасақ та мәлимлеме коммуникация технологияларына болған талап күшли. Ярмаркада ҳәр бир тараў бойынша қәнигелер келип, олар 395 бос жумыс орынлары менен қатнаспақта.
Бос жумыс орынлары ярмаркасынан алған тәсирлери менен ортақласыў мақсетинде жаслардың пикирлери менен ортақластық:
– Филиалдың телекоммуникация тәлим бағдарының питкериўши басқышында оқып атырман. Бүгинги ярмарка биз жаслар ушын жақсы имканиятлар есигин ашпақта, – дейди филиал питкериўшиси Сарбиназ Оразбаева. – Өйткени, бүгинги ярмаркада «Өзбекстан почтасы» АЖ Қарақалпақстан филиалы тәрепинен усынылған 7 бос жумыс орны менен танысып, теңлеслерим Ғулом Елмуратов ҳәм Шийрин Сапарниязовалар менен биргеликте өзлеримиздиң қәнигелигимизге туўра келетуғын бос жумыс орнын таптық ҳәм филиал менен өз-ара шәртнама дүзиўге еристик.
Бундай илажлар жасларымыздың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында исленип атырған жумыслардың әмелий көриниси болып табылады.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
(Мақаланың сүўретлери ӨзА фотохабаршысы М.Ҳабибуллаев тәрепинен түсирилген)