Усы жыл 25-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Әзийз Ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» атамасында театрластырылған әдебий музыкалы байрам тамашасы болып өтти.

Илажда университет ректоры А.Реймов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы- Наўрыз байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, республикамыздағы абырайлы жоқары орынларынан бири есапланған университеттиң профессор-оқытыўшылары тәрепинен заманагөй билим ҳәм илим сырларын ийелеген, елимиздиң айдын келешеги жолында хызмет ететуғын жетик қәнигелерди таярлаў бағдарында айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Быйылғы оқыў жылының өзинде студент-жаслар арасыннан еки Президент стипендианты,  еки Беруний атындағы, бир Наўайы, Улуғбек, Ислам Каримов атындағы, жети Бердақ атындағы стипендия жеңимпазларының жетилисип шыққанлығы буның айқын мысалы болып табылады.

Жақында халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында университеттиң Дене мәденияты факультетиниң студенти Сапура Каипназарова Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлыққа миясар болды.

Буннан тысқары, Дене мәденияты факультетиниң 2-курс студенти Клара Дәрменбаеваның өткен жылдың октябрь айында самбо бойынша Грузия мәмлекетинде болып өткен жәҳән чемпионатында, усы факультеттиң 3-курс студенти Бахтыгүл Балтаниязованың  жақында еркин гүрес бойынша Болгарияда болып өткен халықаралық турнирде, Жалғасбай Бердимуратовтың грек-рим гүреси бойынша Хорватия мәмлекетинде болып өткен Гран-при жарысында сыйлы орынларды ийелеп қайтқаны гүллән жәмәәтти және бир қуўанышқа бөледи.

Өткен жылдың октябрь айында Ташкент қаласында «Жаслар келешек қурыўшылары» сүрени астында  «Студентлер театр студиялары» арасында өткерилген фестивальда университеттиң «Жайҳун» театр студиясы «Өмирдиң төрт күни» спектакли менен қатнасып, «Ең жақсы спектакль» номинациясында биринши орынды ийеледи. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен өткерилип киятырған дәстүрий «Жоқары оқыў орынларының ең жақсы педагоги» таңлаўында университеттиң 3 профессор-оқытыўшысы түрли номинация бойынша жеңимпаз деп табылды.

Байрам тамашалары  Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларының атқарыўындағы «Биз бахытлы балалар» ҳәм «Ўатан» қосық және аяқ ойынлары менен басланды. Соны айрықша атап өтиў керек, университеттиң ҳәр бир илажында тәрбияланыўшылар белсене қатнасады. Себеби, оқыў орнының жәмәәти оларды қәўендерликке алған болып, тез-тез мийманда болып турады.

Фольклор бөлиминдеги студент-жаслар тәрепинен атқарылған «Тусаў кесиў» тойы жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды. Спортшылардың көргизбели шығыўлары, гүрес ҳәм арқан тартысыў жарыслары болды.

«Жайхун» қуўнақлар ҳәм зийреклер топары ағзаларының байрам ҳәзиллерин қатнасыўшылар узақ даўам еткен қол шаппатлаўлар менен тамашалады.

Университетте бир қатар миллет жаслары өз ана тиллеринде билим алыў ҳуқықына ийе. «Халықлар дослығы» бөлиминде қазақ, түркмен, корейс, рус миллий қосық ҳәм аяқ ойынлары шеберлик пенен атқарылды.

Байрам тамашалары «Ўатан» қосығы менен жуўмақланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.