Абу-Даби, 25-март. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Умар АСРОРОВ хабар береди.

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Абу-Даби Әмирлиги мийрасхоры Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаённың мирәт етиўине бола 24-март күни рәсмий сапар менен Бирлескен Араб Әмирликлерине келди.

Сапар етиўдиң тийкарғы илажлары 25-март күни Абу-Даби қаласында болып өтти. Мәмлекетимиз басшысы режеге бола, дәслеп Абу-Даби қаласындағы шайх Зоид бин Султон Ол Наҳаён мавзолейин ҳәм мешитин зыярат етти.

Шайх Зоид бин Султон Ол Наҳаён Бирлескен Араб Әмирликлериниң биринши Президенти болып табылады. Ол 2004-жылы өзи қурдырған усы мешиттиң жанында жерленген. Бүгинги күнде бул мешит ҳәм мавзолей мәмлекет халқы ушын теберик орынға, сырт ел делегациялары басшылары баратуғын комплекске айланған.

Бул комплекс дүньядағы ең үлкен мешитлерден бири болып, қурылыс жумыслары 1996-жылдан 2007-жылға шекем даўам еткен. Онда бир ўақыттың өзинде 40 мың адам намаз оқыўы мүмкин.

Комплекске сапар етиў даўамында шайх Зоид бин Султон Ол Наҳаённың руўхына Қуран оқылды.

Президентимизге мешиттиң қурылыс тарийхы, өзине тән архитектуралық өзгешеликлери, туристлер ҳәм зыяратшылар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында айтып берилди.

Шавкат Мирзиёев мавзолейдиң Зыяратшылар китабына қолтаңба қалдырды.

Мәмлекетимиз басшысы «Ваҳат ал-Карама» естелигине гүлшеңбер қойды.

«Қәдир-қымбат алабы» мәнисин аңлататуғын бул естелик Бирлескен Араб Әмирликлери азатлығы ҳәм бирлиги ушын қурбан болғанлардың ҳүрметине қурылған. Естелик бир-бирине сүйенип турған 31 блоктан ибарат болып, басшылар, әскерлер ҳәм пуқаралар арасындағы өз-ара аўызбиршилик ҳәм қоллап-қуўатлаў белгиси есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы естеликтиң Ҳүрметли мийманлар китабына қолтаңба қалдырды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Абу-Даби қаласында Бирлескен Араб Әмирликлери бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаёнды қабыл етти.

Ушарасыўда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери додаланды. Бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў, делегациялардың сапар етиўин шөлкемлестириў бойынша келисимлерге ерисилди.

Абу-Даби қаласындағы «Қаср ал-Ватан» сарайында Өзбекстан Республикасы Президентин рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлериниң мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Еки мәмлекет рәсмий делегацияларының кеңейтилген қурамдағы сөйлесиўлери болып өтти.

Шавкат Мирзиёев шын жүректен қабыллағаны ҳәм жоқары ҳүрмет ушын миннетдаршылық билдирип, халықларымыздың диний-руўхый қәдириятлары уқсас екенин, бул еки мәмлекет арасында өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет руўхындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға тийкар болатуғынын атап өтти.

Бирлескен Араб Әмирликлери тарийх ушын қысқа дәўирде – елиў жылда саҳра қушағында әжайыбат жаратып, экономика, инновация, саўда, қаржы ҳәм туризм бойынша дүнья орайларынан бирине айланғанын, Өзбекстан бул тараўларда бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыўдан мәпдар екенин атап өтти.

Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён  Өзбекстанда экономиканы либералластырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық абырайын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди.

Бирлескен Араб Әмирликлери аймағы киши, бирақ абырайы ҳәм имканиятлары жағынан үлкен потенциалға ийе мәмлекет. Бул жерде санаат, сыртқы саўда логистикасы, транспорт, туризм, пуқаралық авиация, инновация ҳәм мәлимлеме технологиялары, банк ҳәм қаржы тараўлары жедел раўажланбақта. Бүгинги күнде Әмирликлер дүнья өнимлерин регионға реэкспорт етип атырған тийкарғы транзит мәмлекет болып табылады.

Қолайлы географиялық жайласыў ҳәм салық сиясаты мәмлекетке тиккелей сырт ел инвестицияларының ағымы кирип келиўинде үлкен әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, Әмирликлердиң өзи де белсенди сыртқы инвестициялық сиясат алып бармақта. 2018-жылы БАӘ сырт еллерге 12 миллиард доллар муғдарында тиккелей инвестициялар қаратқан.

Өзбекстан Республикасы менен Бирлескен Араб Әмирликлери арасында дипломатиялық қатнасықлар 1992-жыл 25-октябрьде орнатылған. Жақында еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында биринши мәрте Өзбекстан Республикасының Бирлескен Араб Әмирликлериндеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси тайынланды.

Елимизде БАӘ инвестицияларының қатнасыўында 107 кәрхана жумыс алып бармақта. Усы мәмлекеттиң фирма ҳәм компнаияларының 28 ўәкилханасы ашылған. Олар тийкарынан тоқымашылық өнимлери, қурылыс материаллары, мийўе консервалары, полиграфия, көтере саўда, улыўма аўқатланыў тармақлары, хызмет көрсетиў бағдарларында жумыс алып бармақта.

2018-жылы еллеримиз арасындағы саўда айланысының көлеми дерлик 400 миллион долларды қураған.

Мәмлекетимиз басшысы бул көрсеткиш дәслепки жылларға салыстырғанда өскенин, бирақ тәреплердиң потенцалын есапқа алғанда, жеткиликли дәрежеде емеслигин атап өтти. Сонлықтан сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме кеңейтиў, саўда-экономикалық, инвестициялық, инновациялық, банк-қаржы, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардығы әмелий байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды.

Бул сапар етиў өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтеретуғынына исеним билдирилди.

Усы жыл 12-март күни Ташкентте болып өткен Саўда-экономикалық ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан – БАӘ ҳүкметлераралық комиссиясының үшинши мәжилисиниң нәтийжелери унамлы баҳаланды. Ҳүкиметлераралық комиссияның алдына жақын жылларда өз-ара саўда байланысының көлемин 1 миллиард долларға жеткериў, бул ушын товар жеткерип бериўди көбейтиў, шийки затты қайта ислеў ҳәм қосымша қунлы өнимлерди ислеп шығарыў бойынша бирликтеги жойбарларды әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды.

Еки мәмлекетте де туризм тараўында үлкен потенциал бар. Әмирликлер халқы уллы бабаларымыздың мавзолейлерин зыярат етиўге, тәбиятымызды тамашалаўға қызығады. Өткен жылы БАӘден елимизге келген туристлердиң саны 1,5 есеге өсти.

Президентимиздиң жақында қол қойған пәрманына муўапық, елимизде Бирлескен Араб Әмирликлери пуқаралары ушын визасыз режим енгизилди. Бул Өзбекстан ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери арасында тек ғана туризмди раўажландырыўға емес, ал саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Кеңейтилген қурамдағы сөйлесиўлерден соң еки тәреплеме қол қойылған ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Республикасы менен БАӘ арасында Бирликтеги билдириў қабыл етилди. Инвестициялар, финанс, альтернатив энергетика, санаат ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, аўыл хожалығы, бажыхана ҳәкимшилиги, мәденият ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиў бойынша қол қойылған ҳүжжетлер алмасылды. Улыўма, сапар етиў шеңберинде жәми нырқы 10 миллиард доллардан аслам болған келисимлерге ерисилгени мәлим етилди.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Абу-Даби Әмирлиги мийрасхоры Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаённың тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти. Шын жүректен сөйлесиўде сиясат, қәўипсизлик, инвестиция тараўлары бойынша пикир алысылды. Саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, энергетика ҳәм инфраструктуралық бағдарда қоспа жойбарларды ислеп шығыўға, илим-технология ҳәм билимлендириў тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алынды.

Ушырасыўда тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер де көрип шығылды.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары даўам етпекте.

ӨзА