Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң шөлкемлестириўинде, «24-март – Дүнья жүзилик туберкулёз кеселлигине қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен Республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў балалар санаториясында «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеминиң ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди.
Ушырасыў интерактив усылында өткерилип, оған тараў қәнигелери, жас волонтёрлар ҳәм жаслар қатнасты.
Онда усы шөлкем қәнигеси, Туберкулёзди емлеў бағдарламасы Қарақалпақстан жойбарының ўәкили Джиллиан Фрейзер (Шотландия), шыпакери Гүлзийра Нуруллаева, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң қәнигеси Т.Ғаниева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бул кеселлик ҳәм оның алдын алыў илажлары туўралы кең түрде мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, бул сәне 1882-жылы Роберт Кох атлы шыпакер туберкулёз кеселлигин келтирип шығаратуғын бактерияны анықлағанын жәриялаған күн болып есапланады.
Ҳәзирги ўақытта усы кеселликке қарсы гүресиўде дүнья жүзилик көлемде әдеўир жетискенликлерге ерисилгени, кеселлик бир қанша азайғаны менен, ҳәр күни оның ақыбетинен қайтыс болып атырғанлардың саны мыңнан аспақта. Оның көпшилиги ўақтында емленбеўи, емлениўдиң ярымында немқурайдылық етип, наўқастағы кеселликтиң дәриге турақлылығының артыўы ҳәм басқа да усыған уқсаған себеплерге байланыслы болмақта.
– Қарақалпақстанда бул сәнеге байланыслы илажларды белгилеўден мақсет – кеселликтиң алдын алыў, оны ерте анықлаў, диагноз қойыў ҳәм емлеў илажларын көрсетиўге жәмийетшиликти шақырыў, соның менен бирге, туберкулёз кеселлигин емлеў тараўында «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен ерисилген жетискенликлерди көрсетиў болып есапланады,-дейди шөлкемниң жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң қәнигеси А.Бабаниязов. – «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми менен бирге ислесиў нәтийжесинде Өзбекстанда сезилерли жетискенликлер көзге тасланбақта.
Емлеў ҳәм күтимди жақсылаў саласындағы даўамлы түрде әмелге асырылып атырған инновациялық жаңалықлар ҳәм барлық дәрежедеги қәнигелер жәрдеминде наўқаслардың емлениў имканиятларын арттырыўды қоллап-қуўатлаў арқалы биз туберкулёз кеселлигин жеңиўимиз мүмкин.
Ушырасыў қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.