Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Абу-Даби қаласында Бирлескен Араб Әмирликлери бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри Шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаёнды қабыл етти.
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети мәлим етти.
Ушарасыўда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери додаланды. Бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў, делегациялардың сапар етиўин шөлкемлестириў бойынша келисимлерге ерисилди.
ӨзА