Усы жылдың 20-март күни Тақыятас районы Қ.Айымбетов көшесинде жайласқан 9-жайда өрт жүз берди. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Өрт қәўипсизлиги бас басқармасы ҒХҚ менен байланыслар бөлими хабар берди.

Өрт жүз берген орынға оператив түрде 4 өрт өшириў экипажы жетип барған. Өрт ақыбетинде жайдың 70 кв. метр майданындағы тамы, жоқары бөлими ҳәм үй мебельлери жанып, зыянланған. Дене жарақатын алғанлар ямаса қайтыс болғанлар жоқ.

Өрттен жайдың 50 кв. метрлик майданы сақлап қалынған. Ҳәдийсениң келип шығыўына ысытыў қазанының насаз морысы, деп болжанбақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги