Усы жылдың 23-март күни Қоңырат районы Нурмуҳаммедов көшесинде жасайтуғын пуқара И.Қ. мәс ҳалда Өзбекстан көшесинде жайласқан тойхананың алдында өз-ара жәнжел ақыбетинде мәс ҳалда болған қоңсысы И.С.ға пышақ пенен жарақат жеткерген. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар басқармасы хабар берди.

Ўақыя ақыбетинде И.С. емлеўханаға жатқарылған, И.Қ. қолға алынған.

Жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги