АҚШтың Япониядағы әскерий базасында жарылыў жүз берген. Бул ҳаққында ТАСС «Kyodo»»ға тийкарланып хабар береди.

Атап өтилиўинше, бийтаныс адамлар Окинава атаўының қубла бөлегинде жайласқан Кэмп-Дзукэран базасының тосықларын бузып, ишке кириўге ерискен. Соң басқыншылар базадағы газ баллонын жарған. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жәбир көрмеген.

Хабарда анықлық киргизилиўинше, Кэмп-Дзукэран базасында АҚШ теңиз пияда күшлериниң штабы жайласқан.

ӨзА