Республикалық Гидрометеорология орайының хабар бериўинше, 26-27-март күнлери Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа алағат бултлы болып, жаўын жаўып гүлдирмама болыўы мүмкин. 28-29-март күнлери болса жаўын-шашын күтилмейди. Батыстан ескен самал өз бағытын шығысқа өзгертип секундына 7-12 метр тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы 26-мартта түнде 7-12 дәреже, күндизги ўақытлары 10-15 дәреже жыллы болады. 27-март күни түнде 5-10, күндиз 10-15 дәреже, 28-29-март күнлери түнде 5-10 дәреже жыллы болып, күндизги ўақытлары 15-20 дәрежеге шекем көтериледи.
ӨзА