Конго. Темир жол ҳәдийсеси ақыбетинде 24 адам қайтыс болды.

 Сирия. Идлиб, Латакия ҳәм Ҳалаб қалаларында терроршы топарлар  тәрепинен тыныш халыққа қарата қураллы ҳүжимлер әмелге асырылды. Онлаған адам қайтыс болды.

АҚШ. Мәмлекеттиң орайлық-батыс штатлары – Небраска, Айова ҳәм Висконсиде жүз берген күшли жаўын-шашын  ақыбетиндеги суў тасқынларында онға шамалас адам қайтыс болды.

Қазақстан. Мәмлекеттиң биринши Президенти Нурсултан Назарбаев отставкаға шықты.

Африка. Мозамбик, Зимбабве ҳәм Малави қалаларында болған «Идай» бораны ақыбетинде 1 000 ға шамалас адам қайтыс болды. Атап айтқанда, тәбийғый апатшылық Мозамбикте 645, Зимбабведе 259, Малавиде 56 адамның өмирден көз жумыўына себеп болды.

 Уллы Британия. Мәмлекеттиң 5 миллион халқы Brexitти бийкар етиў талабы сәўлеленген жәмийетлик мүрәжатқа қол қойды.

Қытай. Яньчен қаласындағы санаат кәрханасында жүз берген өрт ақыбетинде 64 адам қайтыс болды. 600 адам жарақатланды.

Ирак. Тигр дәрьясында ҳәрекетленип атырған кемениң қулаўы ақыбетинде 70 тен аслам адам қайтыс болды.

Гана. Мәмлекеттиң батыс аймағында еки жолаўшы автобусының соқлығысыўы ақыбетинде жүз берген жол транспорт ҳәдийсесинде 50 адам қайтыс болды.

 

Зуҳра Мирзабоева, ӨзА