Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың атына сырт ел мәмлекетлери ҳәм ҳүкиметлер басшылары, жәмийетлик ғайраткерлерден шын жүректен қутлықлаўлар келмекте. Оларда мәмлекетимиз басшысына беккем денсаўлық ҳәм табыслар, Өзбекстан халқына тынышлық-парахатшылық ҳәм абаданлық тилеп, жақсы тилеклер билдирилген.
Соның ишинде:
Қытай Халық Республикасы Баслығы-Си Цзиньпин
Қазақстан Республикасының Биринши Президенти-Нурсултан Назарбаев
Қырғызстан Республикасы Президенти-Сооронбай Жээнбеков
Тәжикстан Республикасы Президенти-Эмомали Раҳмон
Түркменстан Президенти-Гурбангули Бердимуҳамедов
Әзербайжан Республикасы Президенти-Илҳом Алиев
Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти-Ашраф Ғани
Аўғанстан Ислам Республикасы Ҳүкимети атқарыў кеңесиниң баслығы-Абдулла Абдулла
Иран Ислам Республикасы Президенти-Ҳасан Руҳоний
Саудия Арабстаны Патшасы-Салмон ибн Абдулазиз Ол Сауд
Саудия Арабстаны мийрасхоры, Бас министрдиң орынбасары, қорғаныў министри-Муҳаммад ибн Абдулазиз Ол Сауд
Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмири-шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум
Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри-шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаён
Палестина Президенти, Палестина азатлық шөлкеми атқарыў комитети баслығы-Маҳмуд Аббос
Кавказ мусылманлары мәкемеси баслығы шайхулислам-Оллоҳшукур Пошшозода ҳәм басқалар қутлықлаў жоллаған.
Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте
ӨзА