Пайтахтымыздағы «Хумо арена» комплексинде Наўрыз байрамы салтанатлары болып өтти

Кең ҳәм жазық далалар жап-жасыл майсалар менен қапланған, әтирапты қуслардың жуғырлысы, рәңбәрең гүллер, шөплердиң ийиси ийелеген. Инсан жүрегиндеги ең нәзик сезимлерди де оятатуғын бәҳәр пасылы руўхыятымызға бир тазалық алып киргендей болады. Инсан да, тәбият та жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы болған Наўрыз байрамын әне усындай ынтықлық, сағыныш пенен күтип алады.

Жақсы адам көзинен, жақсы жыл Наўрызынан белгили, дейди халқымыз. Ата-бабаларымыздың мың жыллық бақлаўларының нәтийжеси сыпатында пайда болған бул нақыл тап усы жылымыз ушын айтылғандай. Ана жеримизге кирип келген бәҳәр жыл бойы келетуғын ҳаўа-райы, соған сай мол өним, қут-берекеттен дәрек берип атырғандай…

Аўа, елимизге Жаратқанның инаяты, тәбият әжайыпаты болған бәҳәр кирип келди. Быйылғы бәҳәрдиң леби өзгеше. Ерте бәҳәрден жыллы самаллар есе баслады. Оннан рухланған атайы дийқан жақсы нийет пенен туқым егиўге таярланды. Қала ҳәм аўылларда, мәҳәллелерде бәҳәрге таярлық қызғын түс алды: уллы дөретиўшилик қүдирети, абатлық, пәклик нәпеси, жаңаланыў ҳәм жаратыў заўқы ҳәр қәдемде сезиледи.

21-март. Гөззал пайтахтымыз орайында жақында пайдаланыўға тапсырылған саўлатлы «Хумо арена» комплекси байрамға сай безелген. Наўрызға тән дәстүрлеримиз, халық ойынлары, дар тамашалары шөлкемлестирилген.

Кернай-сурнай намалары жаңлап, байрам басланып атырғанынан дәрек береди.

…Тийкарғы сахна түрли шырақлар, рәңбәрең көринислер менен саўлатлы комплексти және де көркем етип көрсетеди. Бул жерге сенаторлар ҳәм депутатлар, ҳүкимет ағзалары, илим, мәденият, көркем өнер, спорт ғайраткерлери, өндирис алдынғылары, исбилерменлер, ҳүрметли аталар ҳәм аналар, ҳәр қыйлы тараўларда мийнет етип атырған жерлеслеримиз, елимизде жумыс ислеп атырған сырт мәмлекетлердиң елшиханалары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкилханаларынан ўәкиллер келген.

Салтанат қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти қол шаппатлаўлар менен күтип алды.

Мәмлекетимиз басшысы бәршени Наўрыз байрамы менен қутлықлады.

Саўлатлы майдан бойлап тиришиликтиң ояныўын, жаңа күнди жырлайтуғын нама таралады. Сахна төбесинде ҳәр қыйлы реңлердеги көринислер арқалы ана жер, өмирдиң мәнгилик тымсалы болған пасыллардың избе-излиги, елимизге кирип келген бәҳәр нәпеси көзге тасланады. Қулпырып гүллеген ериклер, жуғырласып ушып атырған қарлығашлардың сеси жүреклерде әжайып сезимлерди оятады.

Наўрыз адамзаттың өзине шекем әййемги ҳәм мәңги байрамлардан болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта бул байрам Жер жүзинде үлкен көтериңкилик, ўақты-хошлық пенен күтип алынады. БМШ Бас Ассамблеясының 2010-жыл 23-февральдағы резолюциясы менен 21-март-пүткил дүньяда Халықаралық Наўрыз күни сыпатында белгиленеди.

Дүньяда сонша миллий байрамлар бола турып, не ушын әйне халқымыздың шығысқа тән жаңа жылы-Наўрыз миллий шегаралардан шығып, дүнья байрамына, улыўма адамзат қәдириятына айланды! Себеби, Наўрыз барлық дәўирде тынышлық, татыўлық, дослық, елге, ана тәбиятқа меҳир-муҳаббат көриниси болып келген. Ата-бабаларымыз мың жыллардан берли бул күнди жақсылық, кеңпейиллик ҳәм теңлик көрниниси сыпатында белгилеп келген.

-Аққан дәрья аға береди, деген гәпте терең мәни бар,-дейди Қашқадәрья ўәлаяты Китоб районынан келген 75 жасар Рўзиқул ата Ҳақбердиев.-Сондай заманлар өтти, бул байрамды бизден алмақшы, Наўрызды ядымыздан шығармақшы болды. Қудайға мың қәтле шүкир, Наўрызымыз және өзимизге қайтты, елимиздиң ең сүйикли, қуўанышлы, мақтанышлы байрамларынан бири сыпатында ҳәр жылы жаңаша мәни ҳәм мазмун менен кеңнен белгиленип келмекте.

Наўрыз абатлық, мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат әййямы. Халқымыз быйыл да Жыл басын әне усы ийгиликли принциплерге муўапық күтип алмақта. Бәҳәрдиң дәслепки күнлеринен елимизде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары ҳәўиж алды. Шембиликлер шөлкемлестирилип, мәҳәллелер, көшелер, халықтың турақ жайлары абаданластырылды, мийўели ҳәм саяманлы дарақлар, гүл нәллери тигилди.

Байрам күнлеринде ғайратлы жаслар, қолы ашық исбилерменлер жәрдемге мүтәжлерге бийминнет жәрдем берди. Наўқаслардың ҳалынан хабар алынды. Қоңсылар бир-бирлерине Наўрыздың таңсық тағамларын тартты.

Наўрыз биз ушын дөретиўшилик ҳәм жаратыўшылық байрамы сыпатында да қәдирли. Наўрыздан Наўрызға шекем елимизде үлкен дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылады. Бул ийгиликли дәстүр быйыл да даўам етти. Жүзлеген жайлар, заманагөй кәрханалар, мәденият ҳәм спорт сарайлары қурылды. Санаат, аўыл хожалығы, транспорт, туризм ҳәм басқа да тараўларда стратегиялық жойбарлар әмелге асырылды. Экономиканы турақластырыўға қаратылған ис-ҳәрекетлер нәтийжесинде өткен жылы халықтың реал улыўма дәраматлары 2017-жылға салыстырғанда 12 процентке артты.

Инсанның қәдир-қымбатын ҳүрмет етиў, оның мәплерин ҳәмме нәрседен үстин қойыў барлық буўындағы реформалардың бас сүрени етип белгиленгени ерисилип атырған нәтийжелерде де анық көзге тасланбақта.

Президлентимиздиң басламасы менен «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде басланған дөретиўшилик толқыны пүткил елимизди қамтып алды. Ол халқымыз ертең, узақ келешекте емес, бүгин жақсы жасаўы керек, деген уллы идеяны жүзеге шығарыўға хызмет етпекте.

Бир ғана өткен жылдың өзинде бул бағдардағы қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына 3 триллион сум қаржы ажыратылды. Нәтийжеде 416 аўыл жаңаша түске енди. Бир сөз бенен айтқанда, адамлардың турмысы өзгерди, өмирине мазмун кирди.

…Ертеңги күнимиздиң ийелери болған балалардың шығыўлары, олардың шадлы күлкилери, ғәрезсиз елдиң бәркамал перзентлериниң атқарыўындағы ана Ўатанды, бәҳәрди, бахытлы балалықты жырлайтуғын йошлы қосықлар, кеўилге қонымлы аяқ-ойынлар бәршеге заўық бағышлайды. Наўрыз, жаслық ҳәм бәркамаллықтың бундай үйлесиўи көз алдыңызда сәўлеленеди.

Өткен жылы турмысымыздың басқа тараўларында, атап айтқанда, илим, билимлендириў ҳәм тәрбия, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларын раўажландырыў бағдарында да үлкен қәдемлер тасланды. Әсиресе, елимиз жаслары Индонезияда болып өткен Азия ҳәм Параазия ойынларында, Аргентинада өткерилген жас өспиримлер олимпиадасында жоқары орынларды ийелегени бәршемизди қуўанышқа бөледи.

Елимизде барлық тараўда алып барылып атырған турмысымызға сай реформалар нәтийжесинде экономикамыздың бәсекиге шыдамлылығы беккемленип, Ўатанымыздың халықаралық майдандағы абырайы жоқарылап баратырғанында көринбекте. Атап айтатуғын болсақ, елимиздиң ашық ҳәм белсенди сыртқы сиясаты дүнья мәмлекетлериниң итибарына түсти. Бүгин Өзбекстанды исенимли бирге ислесиўши деп есаплайтуғын мәмлекетлердиң қатары кеңейип, халықаралық қатнасықларда елимиздиң дослары кем-кемнен артып бармақта.

2018-жылы усындай бирге ислесиўши мәмлекетлер менен дерлик жигирма рәсмий сапарлар әмелге асырылды ҳәм 52 миллиард долларлық 1 мың 80 жойбар бойынша келисимлерге ерисилди. Президентимиздиң быйылғы жылы Ҳиндстан Республикасы ҳәм Германия Федеративлик Республикасына рәсмий сапарлары бул бағдардағы шеклерге қарай тасланған үлкен қәдем болды.

– Наўрыз байрамының өзине тән руўхы халықларды бирлестиреди, – дейди Корея Республикасының Өзбекстандағы Айырықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Квон Ён У. – Корейслер де Өзбекстан халқы сыяқлы тәбият пенен байланыслы болған дәстүрлерди оғада қәдирлейди. Бундай уқсаслық халықларымыз арасындағы дослық қатнасықларының және де беккемлениўинде әҳмийетли болған факторлардың бири есапланады.

Өткен жылы «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде 21 триллион сум ҳәм 1 миллиард долларға тең 76 мың жойбар әмелге асырылып, елимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў жолында үлкен қәдемлер тасланды. Бул бағдардағы жумыслардың көлеми Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылында да избе-из даўам еттирилмекте.

Быйылғы жылдағы Инвестициялық бағдарлама шеңберинде елимизге жәми 4,2 миллиард долларлық тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм жаңа өндирислик қуўатлылықларды иске түсириў есабынан экономикамызды жедел раўажландырыў нәзерде тутылған. Бул, өз гезегинде, ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир жәмәәт турмысында жаңадан-жаңа өзгерислерге алып келеди, халқымыздың байрамларды кеўли көтериңкиликте, тынышлық-парахатшылықта байрамлаўына тийкар жаратады.

Президентимиз Наўрыз улыўма халықлық байрамы қарсаңында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысынан шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына өткен бир топар шахсларға кеширим бериў ҳаққында»ғы пәрманға қол қойды. Бул да халқымызға тән болған жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм кеширимли болыў сыяқлы ең жоқары пазыйлетлердиң айқын көриниси болды.

…Сахна артындағы үлкен мониторда елимиз тәбияты, халқымыздың абадан турмысы, соңғы жыллардағы дөретиўшилик жумыслары сәўлеленген көринислер байрам қатнасыўшыларының кеўлинде ерискен табысларымыздан мақтаныў ҳәм кеўли толыў сыяқлы сезимлерди пайда етеди…

Быйылғы Наўрыз тамашаларында көркем-фольклорлық ҳәм этнографиялық топарлардың шығыўларына кең орын берилди. Ҳәр бир аймақтың рәңберәң дәстүрлери, қосықлары атқарылды. Еркин елимизде бир пүтин болып жасап атырған барлық миллет ҳәм халық ўәкиллериниң көркем шығыўлары кеўиллерге мақтаныш сезимлерин толтырды.

Нийети уллы халықтың – жумысы да уллы, турмысы абадан ҳәм келешеги жарқын болады. Халқымыз перзентлеримиздиң бахтын, кәмалға келиўин ойлап, абат ҳәм абадан келешекти гөзлеп уллы мақсетлер менен алға умтылмақта. Президентимиз атап өткениндей, бүгин ана тәбият қушағында жаңаланыў ҳәм жасарыў мәўсими басланбақта. Жаннан әзиз Өзбекстанымыз да бүгин өз миллий раўажланыўының жаңа дәўирине қәдем қоймақта.

Пайызлы комплекстеги көтериңки руўхтағы байрамда бул және бир мәрте өз көринисин тапты. Көркем өнер шеберлери, жас атқарыўшылардың ана Ўатанды, ғәрезсизликти, жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямын жырлаған шығыўлары кеўиллерди толқынландырды. Нама ырғақлары, кеўилге қонымлы аяқ-ойынлар, бийкирар сахналық көринислер бәршеге заўық бағышлады. Бундай демлерде Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, өзгелерге мийрим-шәпәәт көрсетиў сезими жан-тәнимизге және де тереңирек сиңип атырғандай сезиледи.

Наўрыз сейиллери Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайларында, район ҳәм аўылларда даўам етпекте.

 

Матназар Элмуродов,

ӨзАның хабаршысы.