Усы атамада Нөкис қаласында болып өткен байрам тамашаларынан репортаж

Елимизде байрамлар көп. Деген менен бәҳәр, жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы болған Наўрызды халқымыз асығыслық пенен күтип алады. Әзелден халқымыз күн менен түнниң теңлесиўи, тәбияттың ояныўы сыпатында бул байрамды кең түрде белгилеп келмекте.

 Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы Мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында  «Ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» атамасындағы театрластырылған әдебий, музыкалы-хореографиялық байрам тамашаларында бул және бир мәрте өз көринисин тапты.

Музей әтирапы миллий қара үйлер, байрамды улығлаўшы шақырық-сүренлер менен безелген. Байрам қатнасыўшыларына миллий қол өнериниң үлгилери, жас сүўретшилердиң көргизбеси инам етилди.

21-март. Саат 10.00. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ. Сариев, республикамыз ҳүкиметиниң ағзалары, министрликлер менен шөлкемлердиң, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, мийнет ветеранлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Байрам тамашалары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының студенти Меҳрибан Жийемуратованын атқарыўындағы «Бәҳәр келди» қосығы менен басланды.

Буннан кейин республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң, үлгили балалар ансамбльлери ағзаларының, түрли миллет ўәкиллериниң атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар жаңлады.

-Быйылғы Наўрыз байрамы маған айрықша қуўаныш алып келди,-дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-курс студенти, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Сапура Қаипназарова.

Президентимиздиң республикамызға, соның ишинде Мойнақ районына сапары ўақтында мен де ушырасыў бахтына миясар болдым.  Арадан көп өтпей, қол урысы бойынша Азия чемпионы болдым.

Наўрыз ғәрезсизлик жылларында, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, елимизде жасап атырған барлық ўатанласларымыздың ардақлы және сүйикли байрамына айланды.

-Улыстың уллы күни Наўрызды Қарақалпақстанда байрамлаў бахтына миясар болдық,-дейди Әндижан ўәлаятынан келген Махмудахан Тулашева.-Байрам барлық жерлерде үлкен көтериңкилик пенен белгиленип атыр.

*   *   *

Усы күни Наўрыз байрамына бағышланған байрам тамашалары пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында да көтериңки руўхта өткерилди.

Бул жердеги байрам тамашалары азанғы саат 10:00 да 1-санлы Есжан бақсы атындағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшылары, «Нәўше», «Ғумша» үлгили балалар қосық ҳәм ойын ансамбльлери, Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театр жәмәәтиниң  атқарыўындағы «Ана диярыма хош келдиң, Наўрыз!» композициясы, аяқ-ойын ҳәм қосықлар менен басланды.

Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры жәмәәти актёрлары, «Жайҳун» Мәденият орайының «Сәрбиназ» балалар ойын дөгереги, «Илме султан» қосық ҳәм ойын халық ансамбли, «Гүлдәсте» қосық ҳәм ойын халық ансамбли қатнасыўшылары, «Бәркамал әўлад» балалар орайы, Нөкис қалалық Мәденият бөлими, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы  бөлими, «Қырқ қыз» дуўтаршылар халық ансамбли солистлери, Нөкис районы «Ақмаңғыт таңы» фольклор ансамбли, Төрткүл районы  «Умид» эстрада халық ансамбли өзлери тәрепинен таярлап келген концерт бағдарламасы менен  бул жерде жыйналған халықтың хызметинде болмақта.

Сондай-ақ, бул жерде сол аймақта жайласқан мәкеме ҳәм шөлкемлердиң, қаламыздағы орта-арнаўлы билим бериў мәкемелериниң, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жәмәәтлери тәрепинен таярланған миллий тағамлар ҳәм үй-руўзыгершилик буйымларының көргизбелери қойылды.

Көл жанында қалалық спорт бөлими тәрепинен гилем жайылып, спорт мектеплери тәрбияланыўшыларының көргизбели шығыўлары болды. Гүрес, арқан тартысыў, тас көтериў жарыслары өткерилип, жеңимпазларға естелик саўғалары тапсырылды. Тамашагөйлер арасынан шыққан қәлеўшилер тас көтериў бойынша өзлериниң мүмкиншилигин сынап көрди.

Жыйналған халыққа қолайлықлар жаратыў мақсетинде орайдағы барлық асхана, шайхана, кеўилашар мәкемелер, аттракционлар ҳәм парклер жумыс ислеп турды.

– Мен бүгин байрамды тамашалаўға ақлығым менен келген едим. Мине концерт көрип жақсы дем алып атырмыз. Бул жерге келген адамлар ушын барлық қолайлықлар бар екен. Ҳәзир концерттен шығып, ақлығымды бул жерде қурылған ҳәр қыйлы аттракционларға алып баражақпан. Илайым Наўрыздан-наўрызға аман-есен жете берейик. Елимиздеги барлық балалар бүгинги күндегидей ойнап-күлип жүре бергей. Балаларымыз бахтымызға аман болсын. Ҳәр күнимиз – Наўрыз болсын,-дейди аймақ турғыны Света Табылдыева.

Наўрыз халық сейили менен даўам етти.

*   *   *

Пайтахтымыздағы Жаслар орайында өткерилген байрам тамашалары да кеўиллерге йош, шадлық ҳәм көтериңки кейпият бағышлады.

Байрам майданшасы байрамға арналған ҳәр түрли баннерлер, рәңберәң гүллер, миллий нағыслар, шарлар менен безелип, өзгеше түрге енген. Бул  жерге қара үйлер тигилип, миллий кийимлер, буйымлар, тағамлар көргизбеси шөлкемлестирилген.

Байрам тамашасында! «Бүгинниң жаслары-ертеңги келешегимиз қурыўшысы!», «Ҳәр күнимиз Наўрыз болсын!», «Мәденият тарқалады Мойнақтан», «Байрамың мүбәрек, әй әзийз халқым!»  атамасындағы композициялар менен бирге балалар, спорт, фольклор, дослық, лаққылар, эстрада бөлимлери орын алған.

Концерт бағдарламасында Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң қосықшылары, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артислер, сондай-ақ, Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби ҳәм қалалық балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери талантлы оқыўшыларының атқарыўындағы «Наўрыз байрамы», «Бәҳәр», «Наўрыз сейли», «Бәҳәр гүллери», «Сүмелек» косықлары жыйналғанларға байрам кейпиятын инам етти.

– Халқымыз Наўрыз байрамын ҳәр қашанғыдан да көтериңки руўхта күтип алмақта.  Минекей, елимиздиң барлық орынларында ертеден абаданластырыў, көклемзарластырыў жумыслары қолға алынып, қайыр- сақаўат ислери әмелге асырылды. Бүгин майданшаға қара үйлер тигилип, әтирап рәңбәрәң гүллер менен оралған. Қыз-жигитлер сейилге шығып, ҳәммениң кеўлинде байрам кейпияты орын алған. Аналарымыз жақсы нийетлер менен қазанларда наўрызлық гөже, сүмелек қайнатып, миллийлигимизге сай спорт ойынлары үлкен ойын заўық пенен өткерилмекте,-дейди Нөкис қаласы турғыны  Қалбазар Қудайназарова. – Наўрыз елимизге қут-берекет, мол ырысқы несийбе алып келип, дийқанларымыздың еккен дәнлери мың болып, тыныш-татыў өмирде жасап,  байрамнан байрамға аман-есен жетип жүре бергеймиз.

Байрам тамашалары республикамыздың барлық орынларында  салтанатлы түрде даўам етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Ә.ЖИЕМУРАТОВ,

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршылары