Елимизде Наўрыз байрамын халық сейили ретинде өткериў дәстүрге айланған. Пайтахтымыздың барлық мәкан пуқаралар жыйынларында, театрлар ҳәм ресторанларда Наўрыз сейиллери даўам етпекте.

Әмир Темур атындағы дем алыў бағында фольклор, көркем ҳәўескерлик топарлары ҳәм эстрада қосықшыларының концерти шөлкемлестирилип, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди өзинде сәўлелендирген көринислер, спорт ойынлары көрсетилди. Бағдың әтирапы «Наўрыз байрамы мүбәрек болсын!», «Ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!», «2019-жыл – Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» сыяқлы сүренлер, гүллер менен безелген. Рәңбәрең байрақлар желбиреп, ҳәр қыйлы реңдеги шарлар, түрли-түрли пәтпелеклер самал менен әл ҳаўада желбирейди.

Дем алыў бағында келешегимиз ийелери болған балалардың заўықлы ойынлары, қуўанышлы күлкилери жаңлады.

– Наўрыз бизиң елимизде де кең түрде белгиленеди. Бүгин Нөкисте өтип атырған байрам сейиллеринде қатнасыў несип еткенинен жүдә бахытлыман. Сейиллерде көргизбеге қойылған өнерментшилик өнимлери, миллий тағамлар ҳәм липаслар бизлердикине уқсас, – дейди Қазақстан Республикасынан келген мийман Ырысқы Нәбиева. – Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев алып барып атырған сиясат себепли соңғы жылларда тек Өзбекстанда емес, ал, пүткил Орайлық Азияда үлкен өзгерислер жүз бермекте. Өзбекстанда сыртқы сиясатта қоңсы мәмлекетлер менен байланысларға үлкен итибар қаратылды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.