Пайтахтымыздағы 10-санлы Көзи әззи ҳәм шала көретуғын балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатында жаңаланыў ҳәм жасарыў әййамы – Наўрыз байрамы кең белгиленди.
Байрам сейили мектеп-интернаты жәмәәти тәрепинен аўызбиршиликли түрде таярланған сүмелекти мийманларға тарқатыўдан басланды. Соң миллий тағамлардан, ески буйымлар ҳәм кийим-кеншеклерден ибарат ярмарка шөлкемлестирилип, мектептиң шебер ҳаял-қызлары тәрепинен тигилген қурақлар, шапан ҳәм бешпентлер, қозақ, гүби сыяқлы ата-бабаларымыздың пайдаланған турмыслық буйымлары көпшиликте үлкен тәсир қалдырды. Байрам мийманлары қара үйге кирип, миллий тағамлардан татып көрди.
Наўрыз байрамы қарсаңында мектеп-интернатының тәрбияшы ҳәм оқытыўшылары арасында «Шебер аспазлар», «Бәҳәр гүллери», «Сүмелек сейили» атамасында таңлаўлар өткерилген болса, байрам сейилинде шөлкемлестирилген шахмат-шашка, стол тенниси, арқан тартыс, волейбол, миллий гүрес бойынша беллесиўлер қатнасыўшыларға заўық бағышлады. Наўрыз байрамы мүнәсибети менен тәрбияланыўшылар арасында шөлкемлестирилген 10 нан аслам номинация бойынша өткерилген таңлаўдың жуўмағы жәрияланып, жеңимпазларға шөлкемлестириўшилердиң Ҳүрмет жарлықлары менен саўғалары тапсырылды.
– 2002-жылдан берли көзи әззи, шала көретуғын ҳәм көп нуқсанлы балаларға тәлим-тәрбия берип киятырған мектеп-интернатымызда Наўрыз байрамы ҳәр жылы жоқары көтериңкилик пенен белгиленеди. Алты жылдан берли жәмәәтимиз бенен биргеликте сүмелек қайнатыўды дәстүрге айландырғанбыз, – дейди 10-санлы Көзи әззи ҳәм шала көретуғын балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернаты директорының баслаўыш класслардың оқыў ислери бойынша орынбасары Зульфия Турымбаева. – Мектебимиздиң ер адамлары ҳәм ҳаял-қызлары миллий кийимлер кийип, миллий тағамлар таярлап күтип аламыз. Ҳәр жылы Наўрыз байрамы болатуғын күни сүмелек таярланған қазанның бетин ашыўдан алдын жасы үлкенлер өзлериниң пәтиясын береди.
Илаж мектеп-интернаты тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған концерт-бағдарламасы менен даўам етип, жыйналғанлар йошлы қосықларға аяқ ойынға түсти, байрам кешке шекем даўам етти.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.