Елимиздиң барлық орынларында, мәденият ҳәм дем алыў бағларында, мәҳәлле гүзарларында, билимлендириў мәкемелеринде Наўрыз сейиллери өткерилмекте.

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы ҳәм Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген байрам илажы «Наўрыз әййямыңыз қутлы мүбәрек» деп аталды.

Кешеде халқымыздың миллий қәдриятларын, ийгиликли арзыў-нийетлерин өзинде жәмлеген Наўрыз байрамы ғәрезсизлик жылларында республикамызда жасап атырған миллети, тили ҳәм динине қарамастан барлық жерлеслеримиздиң асығыслық пенен күтетуғын, улыўмахалықлық байрамына айланғаны атап өтилди.

Байрам илажында талантлы студентлер тәрепинен миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерге, қәдириятларға садықлық, Ўатанды көз қарашығындай сақлаў, ўатансүйиўшилик сезимлерин өзинде сәўлелендирген сахналық көринислер қойылды. Наўрыз тарийхына байланыслы мағлыўматлар, миллий үрп-әдетлер сәўлеленген көркем шығыўлар бәршеге көтериңки руўх бағышлады.

Филиалдың спорт залында сүмелек, көк сомса, жүўери гүртик, пәтир сыяқлы бәҳәрде күш-қуўат бағышлайтуғын тағамлардың, миллий өнерментшилик өнимлериниң көргизбеси шөлкемлестирилди. Бүгинги тыныш турмысымыз, ҳәр қыйлы тараўларда ерисилген жетискенликлер ҳаққында мағлыўмат беретуғын фотосүўретлер көргизбеси,  халық ойынлары, спорт беллесиўлери жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.

– Улыстың уллы байрамы – Наўрыз әййямы бәрше мусылман халықларының жаңа жылы болып есапланады, – дейди Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының Гуманитар пәнлер кафедрасы ассистент оқытыўшысы Алланазар Сейфуллаев. – Наўрыз байрамына бағышланған байрам кешесинде филиалымыздың барлық кафедралары тәрепинен миллий тағамлар, ата-бабаларымыздың әййемде пайдаланған әсбап-үскенелери, кийим-кеншеклери көргизбеге қойылды. Соның менен бирге мәжилислер залында студент-жаслар ҳәм профессор-оқытыўшылар тәрепинен таярланған байрам концерти жоқары кейпиятта өтти.

 

Наўрыз байрамына бағышланған кешелер, сейиллер барлық оқыў орынларында өткерилмекте.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.