Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-март күни инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм тиккелей инвестицияларды тартыў жумысларын жеделлестириў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Бизге белгили, инвестиция экономиканың ҳәрекетке келтириўши күши – драйвери болып есапланады. Соңғы жылларда пүткил дүньяда сырт ел инвестицияларын тартыў барған сайын қыйынласпақта. Мәселен, 2018-жылы дүньяда инвестиция ағымы 19 процентке азайған.

Сол себепли, тартылған сырт ел инвестицияларын нәтийжели пайдаланыў, бул бойынша жедел ҳәм системалы жумыс алып барыў зәрүр.

Усы жыл 8-январь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы инвестицияларды тартыў, қолайлы инвестиция орталығын жаратыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берген еди. Усы тийкарда анық қаржыландырыў дәреклерин көрсеткен ҳалда Инвестиция бағдарламасы тастыйықланды. Атап айтқанда, усы жылы жәми 4,2 миллиард доллар баҳасындағы тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў белгиленген.

Мәжилисте өткен еки айда орынланған жумыслар сын көзқарастан талланды. Мәмлекетимиз басшысы сырт ел инвестицияларын өзлестириў жағдайы улыўма төмен кетип атырғанын атап өтип, жуўапкерлерди қатаң ескертти. Айырым тармақ ҳәм аймақларда сырт ел инвесторларына усыныў ушын анық есап-санақларға тийкарланған жойбарлар бойынша усыныслардың жоқ екенлиги сынға алынды.

Президентимиз тийисли министрликлерге ҳәм ҳәкимликлерге анық және қатаң ўазыйпалар жүкледи. Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министрлигине энергетика, нефть-газ, химия, машина қурылысы, электр техникасы, мәлимлеме технологиялары ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларға тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша инвестициялық жойбарлар портфелин қәлиплестириў тапсырылды.

Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислери инвестициялық жойбарларды қәлиплестириў бойынша зәрүр орталыққа айланбағаны атап өтилип, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша ҳәр бир комиссияның мақсетли көрсеткишлерин ислеп шығыў керек екенлиги атап өтилди.

Пүткил дүньяда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик системасы инвестиция тартыўдың әҳмийетли факторларынан бири болып есапланады. Соны инабатқа алып, Өзбекстан Республикасы қаржы министрлиги жанында Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги дүзилген еди. Мәжилисте бул агентликтиң жумысын шөлкемлестириўге де итибар қаратылып, жуўапкерлерге транспорт, энергетика ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында сырт ел капиталы қатнасыўында әмелге асырылатуғын жойбарларды қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

Жаңадан дүзилген Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине мәмлекетлик үлеси бар болған кәрханаларға тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў жумысларын жеделлестириў бойынша анық көрсетпелер берилди.

Жоқарыда атап өтилген бағдарлар бойынша сырт ел инвестицияларын тартыў ушын сырт мәмлекетлерде презентациялар – роуд-шоулар өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Усы жылғы Инвестициялық бағдарламаға муўапық, орайласқан қаржылар есабынан 3 мыңға шамалас объектте қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары орынланыўы режелестирилген. Президентимиз қаржыландырыў ҳәм жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыўды тезирек жуўмақлап, қурылыс жумысларын қысқа мүддетлерде баслаў бойынша да тапсырмалар берди.

Бундай бағдарламаларды ислеп шығыўды жетилистириў мақсетинде жойбарлаў институтларын басқарыўға сырт ел тәжирийбесин кеңнен енгизиў керек екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, аймақларда өндирис тараўларына ивестиция тартыў талапқа жуўап бермейди. Мәмлекетимизге көп муғдарда фармацевтика ҳәм гигиена қураллары, азық-аўқат товарлары, балалар кийимлерин импорт етпекте. Негизинде, бундай өнимлерди елимизде ислеп шығарыў ушын жүдә үлкен имканиятлар жаратылған.

Сол себепли, Президентимиз министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына өзлерине бириктирилген аймақларға шығып, ол жерде әмелге асырылып атырған жойбарларды жеделлестириў, тутыныў товарларын ислеп шығарыў ушын инвесторларды аймақларға, соның ишинде, еркин экономикалық зоналарға тартыў бойынша тапсырмалар берди.

Халықаралық финанс институтлары қаржыларын өзлестириў жағдайына итибар қаратылып, бул бойынша жыллық режени орынлаўда Турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў, Денсаўлықты сақлаў, Суў хожалығы министрликлеринде артта қалыўшылық бар екенлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге усы бағдардағы жумысларды жеделлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Айырым орынларда зәрүр инфраструктура жоқ екенлиги инвестицияларды тартыўға тосқынлық етип атырғаны, жойбарлар ушын жер ажыратыў, электр энергиясы, газ, суў ҳәм канализация тармақларына жалғаныўда машқалалар бар екенлиги атап өтилди. Усыған байланыслы Экономика ҳәм санаат, Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министрликлерине аймақлардың инфраструктура объектлерин раўажландырыў бойынша 3 жыллық бағдарлама ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Барлық тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм машқалаларды сапластырыўға қаратылған әмелий илажлар белгилеп алынды.

ӨзА